Усы жылдың 23-март күни “Пуқаралар арасында Крым-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда Айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими хызметлериниң бирге ислесиў ҳәрекетлери” темасында көргизбели арнаўлы-тактик оқыў шынығыўы өткерилди.
Оқыў шынығыў Нөкис районы “Ақманғыт” ППЖ 6-санлы мектептиң мәжилислер залында “Пуқаралар арасында Крым-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда Айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими хызметлериниң бирге ислесиў ҳәрекетлери” темасында семинар усылында ҳәм әмелият есабында өткерилди.
Семинарда Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими, Нөкис районы Медицина бирлеспеси бөлими, Санитария-эпидемиология тынышлық орайы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Аўыл пуқаралар жыйыны басшылары әмелге асырылған илажлар, машқалалар ҳәм кемшиликлер, оларды алдағы ўақытлары болдырмаўы бойынша анализ мағлыўматлар, усыныс ҳәм көрсетпелер қатнасыўшыларына жеткизилип, талықлаў киритилип, сораў-жуўаплар болды.
Сондай-ақ, оқыў қатнасыўшылары яғный қутырыў кеселлигине қарсы гүресиў илажларына жуўапкер болған хызметкерлери ўазыйпалары ҳәм мәжбүриятларына жуўапкершиликти ҳәм де жуўапкерликти асырыў мақсетинде, қутырыў кеселлиги ҳәм оның алдын алыўда көргизбели оқыў фильмлер ҳәм презентациялар инам етилди.
– Район медицина бирлеспесиниң “Ақманғыт” ППЖда жайласқан Медицина бирлеспесинде “Пуқаралар арасында Крым-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда пуқараларға антирабик тез жәрдем көрсетиў:
– район ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими эпизоотологлары ҳәм Санитария-эпидемиология тынышлық орайы эпедимиологлары биргеликте ислесиў бойынша әмелий ҳәрекетлери;
арнаўлы тактик оқыў шынығыўдың өз алдына қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларға толық ерисилип, белгиленген ҳәмме басқышлары орынланды ҳәм Нөкис районда алдағы ўақытлары Крым-Конго ысытпа кеселликлерин жоқ қылыў, болдырмаў бойынша ис-илажлар сапалы, әмелге асырылыўында нәтийжели түртки болды.
Оқыў шынығыў мазмун-мәниси пуқараларға кең түрде жарытыў мақсетинде көргизбели оқыў шынығыў жуўмағында, Нөкис район АЖМДның функциональ ҳәм аймақлық дизими хызметлери айрықша жағдайларға ушырағанда оларды сапластырыў «Шекленген таяр» деп баҳаланды.
Роман ИСАЕВ,
Нөкис районы, Айрықша жағдайлар бөлими айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими ҳәм пуқаралық қорғаў үгит-нәсият бөлимшеси баслығы капитаны.
