ҚӘДИРДАНЛАРЫМ

Бириӊиз-туўысқан, бириӊ-устазым,
Бириӊиз-кәсиплес, бириӊ-қурдасым.
Бәриӊизди теӊдей қәдирлеймен мен,
Сизлер менен таттым өмир мийўасын.

Бирге басып өттик талай жолларды,
Жаныӊызда болсам кеўлим жубанды.
Меҳириӊиз жасаў ушын күш берип,
Жүректеги аўыр қайғымды алды.

Тасты алып, гүллер төсеп жолыма,
Жүрген соқпағымды нурлы еттиӊиз.
Бир илаҳий қәлем берип қолыма,
«Несийбеӊди сөзден тапқыл»,-дедиӊиз.

Қәлбиӊиз қәлбимди түсинер мудам,
Сиз ушын арналар көксимдеги жан.
Дийдарыӊа ынтық болып жасайман,
Сулыў күлкиӊизди аӊсап ҳәр қашан.

Жулдызлар сүйсинер сырлассақ бирге,
Аса ықлас пенен үӊилер жерге.
Буннан артық бахыт болмаса керек,
Татыўлық уя салған гөззал өмирде!

Көзиӊизден уқтым жыллы мийримди,
Сөзлериӊиз жанға ләззет береди.
Жүрегиме жақын қәдирданларым,
Баладай шадлыман көрсем төбеӊди.

Гулжахан БАЙМУХАНОВА,
ϴзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студенти.