Инсан туўылыўы менен оған исмин қойыў, ата–анасын анықлаў, фамилиясын көрсетиў, пуқаралығын белгилеў ҳуқықы мәмлекет тәрепинен бақлап барылса, оған исмин таңлаў ата–анасының жеке ҳуқықы болып табылады. Демек, инсан туўылғаннан баслап өзи билип билмеген жағдайларда ҳуқық, еркинликлерге ийе бола баслайды. Белгили жасқа жеткеннен кейин өзиниң миннетлерин орынлаўы тийис. Келешектиң қурыўшысы болған жас әўлад өсип-өнеди ҳәм камалға келеди. Шаңарағы саламат, беккем, жетилискен, журттың да келешеги жарқын болатуғынлығын түсинип билиўимиз керек.
Соның ушын Конституциямыздың 14-бабында шаңарақ ҳәм оның ҳуқықларына айрықша итибар берилген. Онда шаңарақтың жәмийет ҳәм мәмлекеттиң қорғаўында болатуғынлығы тастыйықланған. Мәмлекетимизде шаңарақты ҳәр тәреплеме тәмийинлеў, жеткиликли мүнәсип турмыс шәраятын жаратыў бойынша көп ис–илажлар, мәмлекет дәстүрлери менен әмелге асырылмақта. Бундағы баслы мақсет–шаңарақтың репродуктив саламатлығын және де беккемлеў, саламат анадан саламат әўлад туўылыўы нәзерде тутылады. Халықтың репродуктив саламатлығын беккемлеў, саламат бала туўылыўы, физикалық ҳәм руўхый жақтан раўажланған әўладты тәрбиялап жетилистириў ушын әмелге асырылып атырған жумысларды күшейттириў, олардың сапасын жақсылаў, жоқарыдағы атап өткен мәкемелер менен биргеликте ПҲАЖ органы хызметкерлери ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын алып барып атыр. Шаңарақтың жәмийетте тутқан орнын және де асырыў, оның ҳуқықый ҳәм медициналық мәдениятын арттырыў, шаңарақты материаллық ҳәм руўхый тәрептен қоллап-қуўатлаў илажларына жоқары дәрежеде итибарлар қаратылмақта.
Шаңарақ қурып атырған жасларға, олардың ҳуқық ҳәм миннетлери, неке тәртиби ҳәм шәртлери, шаңарақ пенен байланыслы нызамлардың әҳмийетли ўазыйпалары, әсиресе, шаңарақ кодексиниң статьялары менен таныстырыўда үгит–нәсият жумыслары да белгиленген ис–илажлар бағдарында алып барылмақта.
Зийнеп Алиева,
Шоманай районы, ПҲАЖ бөлими баслығы.
