АРАЛЫҚТАН ОҚЫТЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ

Елимизде жаслардың тәлим-тәрбия алыўы, белгили кәсип ийеси ҳәм елимиздиң ертеңги күни ушын мүнәсип жаслар болып жетилисиўи ушын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атыр.
Билимлендириў тараўында илим ҳәм технологиялардың жаңа тармақларын енгизиў, оларды ийелеў менен байланыслы болған кәсиплердиң жаңа бағдарлары раўажланбақта. Илимниң ѳндирис пенен байланысы шийелениспекте ҳәм ѳндиристе илимде әдеўир кѳп талап ететуғын тараўлар пайда болды. Оны илимий кѳрсеткиши, заман талаплары дәрежесине ийе жаслар әмелге асырыўы ушын белсендилик кѳрсетпекте.
Өз билими ҳәм қәбилетине сүйенетуғын, заманагѳй хабар коммуникация технологияларынан пайдаланып, ҳәр тәреплеме раўажланыўына үлес қосатуғын келешектиң билимли жасларын тәрбиялаў заман талабы.
«Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырылып атырған реформалардың ең тийкарғысы инсан қәдирине ҳәм жоқары билим алыўларына қаратылған.
Жақында Әжинияз атындағы Нѳкис мәмлекетлик педагогикалық институты Елликқала педагогика «Анық ҳәм тәбийий пәнлерди аралықтан оқытыў» кафедрасында республикалық «Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыўдың актуал мәселелери» атамасында илимий-теориялық конференция болып ѳтти.
Институттың «Сүўретлеў ѳнери ҳәм технологиялық тәлим» факультети, технологиялық кафедрасы педагогикалық илимлер бойынша филология докторы Н.Орынбаев «Технологиялық тәлимде STEAM тәлимин енгизиў арқалы кәсиплик компетентликти раўажландырыў кафедрасы доценти Қ.Сейтниязов «Дәстүрий географиялық атамалар» темаларында шығып сѳйлеп, илимий-теориялық түсиниклер арқалы конференция қатнасыўшыларына түсиниклер берип ѳтти.
Әлбетте, бундай конференциялар оқытыўшы ҳәм студент жасларға алдыңғы педагогикалық ис-тәжирийбелерди үйрениўине, кәсиплик шеберлигин жетилистириўине, педагогикалық искерлигине дѳретиўшилик ҳәм новаторлық пенен кирисиўине ҳәм тәлим-тәрбия бериўдиң жаңа жолларын табыўына мүмкиншиликлер жаратады.

З.АБДИНИЯЗОВА.