«Автомобиль тарийхы» мағлыўматнамасы автоматластырылды

Ҳүкимет қарары (106-сан, 09.03.2022-ж.) менен “Автомобиль тарийхы” мағлыўматларын усыныў бойынша мәмлекетлик хызметин көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Қарарға көре, 2022-жыл 1-майдан:
“Автомобиль тарийхы” мағлыўматларын шәртнамалық тийкарда Мәмлекетлик хызметлер орайлары, бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (мy.gov.uz) ямаса веб-сайтлар ҳәм олардың қосымшалары арқалы анықлаў бойынша мәмлекетлик хызмети жолға қойылды;
автотранспортты техник көриктен өткериў процессинде автотранспорттың басып өткен жолы ҳаққындағы мағлыўматлар, соның ишинде техник көриктен өткериўши исбилерменлер тәрепинен де мәжбүрий тәртипте мәлимлеме системасына киргизиледи.
“Автомобиль тарийхы” мағлыўматлары төмендегилерди өз ишине алады:
– автотранспорттың агрегат мағлыўматлары;
– басып өткен аралығы;
– шәртнама дүзилгенлигине байланыслы мағлыўматлар (исенимхат, ижара, саўға);
– жол-транспорт ҳәдийсеси исленгенлиги;
– қағыйдалар ҳалаты;
– гиреўге қойылғанлық ҳалаты;
– қадаған бар ямаса жоқ екенлиги;
– бажыхана рәсмийлестириўине байланыслы мағлыўмат;
– лицензия алынғанлығы ҳалаты (жолаўшы тасыў ушын).
Мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын сораўнама толтырылады (Мәмлекетлик хызметлер орайлары, Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы, веб-сайт ямаса қосымша арқалы).
Мәмлекетлик хызмет ушын БЕМның 10 проценти (30 мың сум) муғдарында жыйым өндириледи.
Мағлыўматлар реал ўақыт режиминде таярланады ҳәм арза бериўшиге усынылады.
Мағлыўматнама шахсқа байланыслы мағлыўматлар әшкар етилмеген жағдайда бериледи (автотранспорт мүлкдары тәрепинен өз “Автомобиль тарийхы”н билиў ушын жиберилген сораўнамалар буннан тысқары).
Мағлыўматнама мәлимлеме характерине ийе ҳүжжет есапланады.
Арза бериўшилер Өзбекстанда дизимнен өткен қәлеген автомобиль ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин.
Бахадыр Нурлыбеков,
Нөкис қаласы, Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.