«Jungle Land» ЗАМАНАГѲЙ БАЛАЛАР МАЙДАНШАСЫ

– Ѳзим Әмиўдәрья районында тураман. Нѳкисте туратуғын сиңлим Манзураны кѳрип кетейин деп келип едим. Еки ақлығым менен келген-соң, сиңлим ақлықларыңды қыдыртайық, мына жерде сондай пайызлы балалар майданшасы бар дегенге келдик. Оҳоо-зор екен. Дүньяны балаларға бериң деген. Сондай балалар дем алып атыр. Барлық шараятлары, қолайлықлары ушын рахмет, – дейди әмиўдәрьялы апамыз Дәўлетбийке Кличова.
Елимизде балалардың жарқын келешеги ушын жақсы имканиятлар туўдырылып атырғанының бул бир мысалы. Улыўма 3 мың квадрат метрди ийелеген балалар майданшасында 5 жастан 30 жасқа шекемги балалар шуғылланыў мүмкиншилигине ийе.

«Сити парк Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилип, улыўма баҳасы 22 миллиард сум болған балалар дем алыў майданшасына Россия мәмлекетинен ең соңғы заманагѳй ойын аттракционлары орнатылған.
Балалар майданшасы администраторы Еламан Аташов әжайып, пайызлы демалыс орнының имканиятлары менен таныстырып: – бул жерге келген ҳәр бир баланың нәзери бирден гѳззаллыққа түседи. Сондай жақсы нәрселер итибарға алынған. Атап айтсақ, арқанға байланыслы тамаша парки, батут, балалар майданшасы, лабиринт, ниндзя квест, скалодром блокларында балалардың ойнаўы ҳәм шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған…
Ҳақыйқатында да шараятлар жақсы. Ҳәўесиң келеди. Бийғубар балалардың күлкилери майданша ишин жаңлатып, қуўанышқа толтырып тур. Олардың шадланыўларын кѳрип, балалыққа қайтқың келип кетеди-аў…
– Бағыўшым жоқ, 3 балам бар. Жумыс табалмай бираз қыйналдым.. Үйге жақын жерден ашылған бул майданшаға «Бақшылық» МПЖ ҳаял-қызлар бойынша кеңесгѳйи Жанар Нурмуханованың жәрдеми менен жумысқа келдим. Қыйыншылықларым, жумыссыз сарсаң болған күнлерим азмаз болса да умыт болды. Күнде қушағымыз балалар менен толы, олардың қуўанғанларын кѳрип, кеўлимиздеги сарсылыўлар серпилгендей болады – дейди Гүлназ Сагидуллаева.
Заман талабы, дәўир нәпесин түсинип, имканиятлардан пайдаланып, усындай заманагѳй орынлар жаратып, жумыссыз жасларды жумыс пенен тәмийинлеп атырған инсанларға рахметлер айтасаң. Мине, бул орынға да «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» не киргизилген жигирмадан аслам жасларға жумыс орынлары жаратылды ҳәм бүгин олар жумыс пенен тәмийинленгенлеринен кеўиллери тоқ.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.