КОНСТИТУЦИЯНЫҢ ТИЙКАРҒЫ ПРИНЦИПЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Конституциясының тийкарғы принциплери дегенде, жәмийетте орнатылған социаллық дүзим, мәмлекеттиң дүзилиси, оны басқарыў формасы ҳәм тәртиби, Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги, мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты қандай тийкарларда әмелге асырылып атырғанлығы түсиниледи. Конституциялық дүзимниң тийкарғы принциплери Конституцияның 1-бөлиминде белгиленген. Конституцияда жәмийетимиздиң тийкарғы принциплери ретинде мәмлекетлик суверенитет, халық ҳәкимиятшылығы, Конституция ҳәм нызамлардың үстинлиги, республика сыртқы сиясатының тийкарғы принциплери көрсетип өтилген.
Мәмлекетлик суверенитет мәмлекеттиң ғәрезсизлигин билдириўши термин болып, мәмлекеттиң өзгешелиги есапланады.
«Суверенитет» термини XVI әсирде Францияда пайда болған ҳәм жоқары ҳүкимет ийеси деген мәнисти аңлатады. Суверенитет мәмлекеттиң улыўма ҳәм ажыралмайтуғын белгиси болып, оның толық ҳақылылығын ҳәм де ишки ҳәм сыртқы жумысларда басқа мәмлекетлерге ғәрезли емеслигин аңлатады.
Суверенли мәмлекет өз ишки ҳәм сыртқы ўазыйпаларын басқа мәмлекетлердиң ҳуқықларын, усының менен бирге, халық аралық ҳуқық нормаларын бузбай, өзи қәлеген тәризде шешеди. Суверенитет мәмлекет пенен бир ўақытта пайда болады.
Мәмлекетлик суверенитет миллет, халық суверенитеттен басланады.
Конституциялық ҳуқық пәнинде халық суверенитет дегенде, әдетде, халық толық ҳәкимияттың ийеси екенлиги, оның өз ҳәкимиятты басқа социаллық күшлерден ғәрезсиз түрде, ҳеш кимге бойсынбастан әмелге асырыўы түсиниледи.
Мәмлекетлик суверенитеттиң әмел етиўи мәмлекет ҳәкимияты искерлигиниң үш тармағын – нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд ҳәкимияты, оның шөлкемлерин, ишки ҳәм сыртқы функцияларын әмелге асырыўдағы искерлик болып табылады. Мәмлекет ҳәкимияты тийкарғы функцияларының әмелге асырылыўы нәтийжесинде ғана мәмлекетлик суверенитети турмысқа енгизиледи. Өзбекстан Республикасында халық суверенитети сәўлелениўиниң басқа формасы бул – миллий суверенитет есапланады.
Миллий суверенитет дегенде, миллеттиң сиясий ҳәм ҳуқықый жағдайы түсиниледи. Миллий суверенитет миллеттиң ажыралмайтуғын өзгешелиги болып, оның ғәрезсиз жасаў өзгешелигин аңлатады.
Өз күши менен өзиниң миллий мәмлекетин пайда еткен халық мәмлекетлик суверенитетке ийе болады.
Мәмлекетлик суверенитетти әмелге асырыў және оны қорғаў формаларынан бири республиканың нызам шығарыўшы органы – Олий Мәжлистиң Конституция ҳәм нызамлар шығарыў, басқа мәмлекетлик органлардың ҳуқықый нормалар жаратыўдағы искерлиги болып табылады. Мәмлекетлик суверенитетти әмелге асырыў республиканы әскерий қорғаў жолы менен – Республика Президенти, Министрлер Кабинети, Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги ҳәм басқа мәмлекет атқарыў ҳәкимияты тәрепинен республика экономикасын шөлкемлестириў және оны басқарыў арқалы әмелге асырылады.
А.НУРАБУЛЛАЕВ,
Шымбай районы, Әдиллик бөлими юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсульты.