Ата-ана перзент ғамы деп өлип кетеди ғой. Бабанияз да қудайдың берген бес-алты ул-қызының бүгини, ертеңи деп бир тынбайды. Дос-яранларының: «Ҳаў, өзлери жуўырады ғой, аштан өлип, көштен қалса» десе: «Қой, мүмкиншилигим болған екен, соларға гизнейин, жыйнайын» деген нийетинен қайтпайды.
Ул-қызларының толық, жоқары билим алыўлары ушын не ғәрежет керек болса, аямады, кийимлерин де ҳеш кимнен кем қылмаўға тырысады. Бир-екеўин үйлендирип, үлкен қызын турмысқа шығарды. Олардың тойларын да халықтан кем қылмаў ушын жанын жаббарға берип, қаржы ғамластырып, керек жеринде қарызланып, дәбдебели етип өткерди.
«Әкемиз тойымызды басқалардай етип даңғырлатпады, қаржысын аяды, қатарымыздан кийимимиз, жегенимиз кем болды», деп ертең наразы болмасын дейди.
Өзи қатарларынан кемлеў болып өсти. Әжаға, жеңгениң қолына қарағаннан соң не оңады – дейсең, оның айтқаны бола бермеген. Оның үстине өзлери де қурғын хожалық емес еди. Мине, сонлықтан қатардан кем кийиниў, ишип-жеўдиң, өз велосипедиңниң болмаўы, оқыўдағы тәнеписте басқалар асханаға барғанда өзиңниң бара алмай турыўдың қандай қыйын, аўыр руўхый езилиў екенликлерин жақсы түсинеди.
Оқыўға да өзи кирип, өзиниң шаққанлығы, саўатлылығы менен питкерген. Сондағы кийимлериниң қөренишлиги қатарларынан жүзин төмен етер еди.
Үйлениў тойлары да, өтти ме өтти. Жоқары оқыўдағы дослары буның тойы отыз биринши декабрь кешке қойылғанлықтан келе алмады.
Жумысқа кириўде де қыйналды. Әсиресе кирей жайда жасаў жанына батып кетти. Еплеп-сеплеп шаққанлығы арқалы көп қабатлы жайлардан квартира алды. Көп узамай қала орайынан үлкен, гөнелеў жай алып, жылма-жыл бир шетинен бузып, бир өжире, еки өжире қосып сала баслады. Тис-тырнақлап жыйғанларын жайына жумсады. Жолда еки тас көрсе де, бир ағаш жатса да үйине тасыды. Сөйтип қыйыншылық пенен он еки жылда үлкен етип жай питирди. Қатарға қосылды. Абырой-мәртебеси де өсе берди.
Усындай қыйыншылық пенен жетискенликтен перзентлериниң өзиндей қыйналмағанын қәлейди.
Бабанияз үлкен улын үйлендирди. Тойын тойдай өткерди. Олар бөпели де болды. Соннан кейин әке улын басқа шығарыў ғамын жей баслады. Оған жай салыў ушын жер алды.
Баласы оқыўда. Бир қыздың әкеси болған ол бос ўақытларында да имарат маған салынып атыр ғой, – деп басы аўырмады. Жанын қыйнап, жайын салыўға жуўырмады. Тас, щебень ямаса гербиш әкелиўге машын тап десе де «университетке, ямаса жорамның үйине барыўым керек еди», деп мойынтаўлық етеди. Қосжақпас. Соннан Бабанияз баласы ушын бийпул малай болып өзи кетеди. Кетпей не қылады, баслаған исти питирмей қалай қояды?! Перзентине ашыўланып, бул да шайын шала-шарпы ишип, ағаш базарға, ямаса гербиш өриўши жигитлерди излеўге кетпегени менен ўақыт күтип турмайды. Ҳәр нәрсениң ертеси жақсы: тезлетип питкергенге не жетсин! Усындай ўақытлары оның есине шайыр Аяпберген Муўсаев ҳаққындағы ҳақыйқатлыққа суўғарылған бир ушырма гәп түседи: Аяпберген туўылып, үлкейе келе шайырлық таланты себепли үй жумысларына басы айналмай, китап оқыў, қосық тоқыў, ел, жер аралаў менен машқул болады. Сонда аўылының бир қуўақы адамы керисинше «Муўса (әкеси) үлкейип, Аяпберген (баласы) тына қалды», деген екен. Сол сыяқлы Атанияз тынып, Бабанияз ол ушын да сегбир тартып, мурнынан дем алып жүрипти.
Жумыстан бос күнлерги ўақтының бәри – азаннан қара кешке шекем улына салып атырған жай басында өтеди. Устаға тапсырдым, деп өзлерине салсаң, шала ислейди. Оларға жумыстың сапасы емес, тез питкени, сөйтип сеннен келискен пулын алғаны жақсы. Тырнақ қуйғанда қасында турмасаң цементти аз салып, аўысқанын сатып жибериўден де қайтпайды, олар. Ямаса көптен қосып ысырап етеди. Ал цементтиң бир қабының өзи енепаттай пул.
Усындай қурылысшылардың басында турыў да «жас киши» Бабанияздың мойнында. Әкем бар деп сүйенетуғын, шалжақлайтуғын улы демалыс күни уйқысын питириўи керек, ямаса туўылған күнге баратуғын жери шығады. Бабанияз да «Жаслығында жүре қойсын, қыдырсын. Биздей қыйналмасын» деп өзи де оның дем алғанын шеп көрмейди.
Усындай аўзынан қарақаны келип, шаршағаннан гә жумыс, гә жай тәшўиши, гә палақпан, гә салақпан дегендей еки-үш жылда төрт бөлмели жайды еплеп питкерди.
Күнлердиң күнинде екинши улы да үйленди. Үлкен баласына енди жайыңа бар, деп еди, ол:
– Кешегиде жолым түсип барып көрип едим, аға. Маған жай жойбары унамады. Заманагөй үлгиде cалынбаған екен. Ҳәжетхана, моншасы жоқ. Асханасы да бир шетте болыўы керек еди, сонда аўқаттың ийиси отырған өжиреге урмайды. Салғаннан кейин еки қабат, гаражына дейин қурғанда ғой, заманагөй етип… Қулласы, маған унамайды, – деп барыўдан бас тартты.
– Не қылсаң да барасаң? Туўылған уяңа сыймайсаң, енди. Еки келинди бир қосып, қызығына қарап отыра алмайман. Бет жыртыспай турып, басқа шығың. Алыстан қәдирли болып қатнасың.
– Таза жайды сатып, басқа унаған үй алағояйын, аға, – дейди үлкен перзенти Атанияз.
– Ол жайға қанша мийнетим сиңди. Мениң ушын қәдирли. Ҳәр бир гербишин таныйман. Ҳәр бир ағашын қушақлағанман. Өзиң отыр, рәҳәтиңе, гөр-жер дей бермей. Төрт жағы теңди кейин өзиң қурып аларсаң. Ал, мениң жағдайымның келип болғаны. Монша, ҳәжетханасы жоқ болса, өзиң отырып салып ала берерсең-дә. Ҳәзирги асхананы жатақ өжире етип, асхана, гаражды өз алдына қапталға қосып қурып алсаң да болады. Еки қабат жай маңлайыңа жазылған болса салып аларсаң, сатып аларсаң, көрерсең.
– Қоңсылар да ырақтан-жырақтан жыйналғанлар қусайды. Оқыған, жоқары мағлыўматлылары аз екен, сорастырсам… Аўмастырайық…
– Оқымаған адам адам емес пе? Жаманлар оқығаннан да шығады. Негизинде өзиң жақсы болсаң ҳәмме жақсы. Оқымағанлар саўатлыларды қатты сыйлайды. Қайта солардың арасында мәртебели болып жүре бермейсең бе, «жасы үлкенлер арасында жасы киши болғанша, жасы кишилер арасында жасы үлкен болып» дегендей…
– Яқ, – деп аяқ тиреп алды, сонда да Атанияз.
– Өзиң бил. Мениң саған салып беретуғын және жайым жоқ, жағдайым келмейди. Отырсаң да отырмасаң да сол үй сеники. Оннан артығына күшим жетпейди. Қалған үкелериңди оқытыў, кийиндириў, үйлендирип, турмысқа шығарып, оларды да баспаналы қылыўым лазым. Сонлықтан мен салып бергениме қайыл болмасаң да, қалған жағын өзлериң гүллендире бериң. Арқаңыз бесикте емес. Оқыўыңды да питкердиң. Жумысқа орналастырып жиберсем болды. Оны да сөйлесип қойыппан.
Бул гәплерден соң да Атанияз тық-тыққа турмады, сөзге қулақ аспады. Буннан кейин:
– Ҳә, бала! – деп ашыўға минди Бабанияз, – Мен де әке-шешемнен жай менен қосылып туўылған жоқпан. Үйленгеннен соң басқа шыққанда да үй қурып бермеди. Кирей жайға басқа шықтым. Туўрысында, мен сизлерди шалжаңлатып жиберген екенмен, анаў десе, мә, мынаў десе мә, деп!.. Кирейдиң миннети көп болады. Таза отырмаған, бүлдирген, газ, светти көп жағатуғын да сен боласаң. Түни менен уйқы бермейтуғын, ҳәтте, баласы тәртипсиз де биз болдық. Сен енди, балам, тыңла, аз-кем тарийхымнан айтайын: – Атанияз баласын ақылландырмақшы болып гәп баслады. – Мен бир кийиз, арша, бес-алты көрпе-төсек пенен өз алдына шаңарақ болып басқа шықтым. Үш-төрт жерде кирейде отырдық. Дайымыздың жериниң аяқ ушында пәскелтек бир ханалы үйи бар екен, үлкен жайын саламан дегенше өзлери баспаналаған. Печь, тахта едени бар. Жаман жери – кейинги үш-төрт жыллықта ишине таўық қамаған ҳәм пәс. Таўықтың дәретлерин қырып, сыпырып артып, дийўалларын ақлап, полларын ысқылап жуўып, зорға келеге келтирип, сол жерде жасадық. Еденди ҳәр жуўғанда таўықтың дәрети сасыйды. Қанша жуўған менен сиңип, жарықларына кирип қалған ғой: кетпейди. Суў менен жибип, сасыйды. Түнде болса саат оннан соң светти өширип таслайды. Ижара ҳақы басқа жерде қырық сум болса, ол ағайиншилик етип жигирма сумнан алатуғын болды. Қарасқанына рахмет. Лекин қырық сумнан қуятуғын гербишин маған жигирма сумнан қуйып берерсең деди. Не илаж, «жеген аўыз уялар» деген. Жазғы дем алыстағы еки айда (өзлеримиз де еки ай-ақ турғанбыз) төрт-бес мың гербишин қуйып бердим. Есапты ура бер, саўатлысаң ғой, ол жәрдем еткен бе, мен бе?!
Кейин хожейини жоқ, шала питкен алты қабатлы жайға көштик. Пул төлемеймиз. Бирақ, соның есабынан, ийеси айтпаса да, жайдың барлығын – иши-сыртын епли жораларым менен ҳәкли сыбаўда сыбадым. Айна-қапылары әкелинген, оларды орын-орнына қурдым. Бул бир жағынан өзиме де керек, алдымыз қыс, өжирелер жылыўы керек, екиншиден бийпул отырғызған Полат ағаға деген миннетдаршылығым еди.
Деген менен ол жайдың жайсыз жери – қысында суўық болады. Котель жоқ, газ ошақ жағып, электр печки қосамыз. Бәри бир қыстың ызғырық, сыран суўығында бөлме иши музғала, шолан десең де артық емес. Қалың кийимлеримизди жамылып отырамыз. Сол жерде бәҳәрде сен туўылсаң, қысында сегиз-тоғыз айлық баласаң, бесиктен алмаймыз. Басыңа қабатлап еки-үш топпы, сыртынан малақай дегендей кийгизип, бесик үстине бар табылғанын таслаймыз. Бир жылы суўықтан еснегенде, тийе берсин, анамның жағы шығып кетип, әкем зорға салды. Айта берсең жанды жегидей жеген гәп көп. Ижарада турыў азабы еле умытылған жоқ. Қыста ық деп хожейинниң қоңсы иниси өзиниң мал, түйесин сыртқы есигимиздиң алдына байлайды. Түнде шықсаң малдың сидиги, жапасына тайып жығыласаң. Азанда ол емес, биз тазалаймыз. Усындайда «бир бөлмели қақыра болса да шүкирлик етер едим. Аяғыңды еркин созып жатқанға не жетсин», дер едик.
Кеўлимиз ҳақлықтан, қудайға шүкир, мине жетистик ғой. Сен де шүкирлик ете бер. Негизинде ата-ананың перзентке жай салып бериўи ўазыйпасы емес: перзент алдында ата-ананың миннети, биринши – сүннет еттириў (мусылманда), екинши – билим берип, тәрбиялаў, үшинши – үйлендириў, қыз бала болса қутлы жерине қондырыў. Басқалары ата-ананың қәлеўи, жағдайына бола исленетуғын қайырқомлықлар, түсиндиң бе, енди?
– Аға, бәри бир барлық қолайлылықларға ийе жайға жетпейди. Сизлер билмейсиз. Сизлердиң заманыңыздағыдай баспана табылса болды емес. Ҳәзир жигирма биринши әсир. Адамлар барлық шараятларды қәлейди. Қулласы, коттеджге аўмастырғым келип тур, – деп бала өжетлик етип, айтқанынан қайтпады.
Бул гәплерден кейин де айлар зымырап өтип атыр. Еки келин, еки ул себепли кесе-шәйнек дүгиспегени менен қағысыў басланды. Қарақалпақтың дәстүрине бола жол үлкен улдики. Сонлықтан әке және Атаниязды шақырып алды.
– Ал, балам, көшиў мәселеси не болды?
– Аға, айттым ғой, барлық шараятлар болмаса бармайман, деп.
– Нийетиң коттедж ғой.
– Аўа.
– Онда мен бир танысым менен сөйлесип, келистим. 25-киши райондағы коттеджлерде турады. Сол жерлер бола ма?
– Болғанда қандай! – деп баланың көзи, жүзи жайнап сала берди.
– Сол коттеджге аўмастырамыз, жайыңды. Сеники таза, ол гөне ғой, бола бере ме?
– Бола берсин, сонда да биз утылмаймыз, аға. Ол – қала орайында, бизики – шетте. Баҳаға салыстырғанда утылмаймыз.
– Бирақ, бир лийкини бар, балам.
– Не екен?
– Танысым Балтабай аға денсаўлығына байланыслы тығылыс, ҳаўасы патаслаў жер – киши районнан ҳаўалы, машынның түтини аз жерди гөзлеп, излеп жүр екен. Оның үстине жери төрт сотых, бизлердики сегиз – кең. Қартайғанда мал бағып, таза сүт, қатық ишкиси келеди екен. Тасландықтан жыйналған патас, жаман баклашкиге қуйылған сүт, қатықты ише алмайман, дейди. Мен оған үйдиң жағдайын, сызылмасын айттым. Сонда ол «мал қорасы жоқ екен. Егер салдырып берсең, утылсам да басма-бас үйимди алмастыраман», деп отыр. Не қыласаң, Атан?
Алланазар ӘБДИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы.
(Даўамы бар)
