Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 31-август күнги 555-санлы қарары қабыл етилди. Қарарға тийкар физикалық ҳәм юридикалық шахсларды электр энергиясына жалғаў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды ҳәм бул мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тәртибин белгилейди.
Жалғанатуғын қуўатлылық 20 кВт қа шекем болған хожалық тутыныўшылардың үй жайлары ҳәм ханаларын электр тармақларына жалғаўда;
Тутыныўшының фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты өзгергенде, турақ жайлар, соның менен бирге, көп ханалы үйлердиң жалғанған қуўатлылығы ҳәм сыртқы электр тәмийнаты схемасы өзгермеген жағдайда ийеси өзгергенде (көшпес мүлк алды-сатты шәртнамасы, саўға шәртнамасы ҳәм басқа ҳүжжетлер тийкарында) ямаса көшпес мүлк объекти басқаға өткенде;
юридикалық тутыныўшылардың жалғанған қуўатлылығы ҳәм сыртқы электр тәмийнаты схемасы өзгермей юридикалық шахстың шөлкемлестириўши-ҳуқықый формасы ҳәм (ямаса) шөлкем атамасы өзгергенде.
Бунда тутыныўшылар қурылыс-монтаж ҳәм өлшеў қуралын орнатыў ислери тамамланғаннан соң электр энергиясын өлшеў әспабы ҳәм системасын тамғалаў ҳәм электр тәмийнаты шәртнамасын дүзиў ушын өз қәлеўине көре Мәмлекетлик хызметлер орайы, Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (кейинги орынларда БИМХП) яки «ELEKTR» дәстүрий тәмийнаты (кейинги орынларда – Онлайн платформа) арқалы мүрәжат қылады.
Техникалық шәртти ислеп шығады ҳәм оларды онлайн платформаға киритеди, тутыныўшының қәлеўи менен оферта шәртнамасына қол қойылғаннан соң пайдаланыўға таярлап электр тармағына жалғаў ислери әмелге асырады;
қуўатлылығы 20кВтқа шекем болған тутыныўшылар ушын электр тармағына жалғаныў схемасын ислеп шығады ҳәм де қурылыс-монтаж ҳәм сазлаў-иске түсириў ислери электр тәмийнаты жойбарын ислеп шығыў келисиў талап етилместен әмелге асрылады.
Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәртиби.
Тутыныўшы Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса БИМХП яки Онлайн платформа арқалы мүрәжат етиў ушын дизимнен өтеди.
Мәмлекетлик хызмет көрсетиў ушын базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында жыйым өндириледи.
Тутыныўшы БИМХП арқалы мүрәжат еткенде жоқарыда көрсетилген жыйым пулдың 90 пайызы өндириледи. Онлайн платформа арқалы мүрәжат еткенде жыйым пул өндирилмейди. Мәмлекетлик хызметлери яки БИМХП арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетилгенде «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасында дизимге алынған шахслар, I ҳәм II топар майыплығы болған шахларға өндирлетуғын жыйым пулдың 50 пайызы муғдарында шегирме қолланылады.
Тутыныўшыға мүрәжат еткен күннен баслап 3 жумыс күни ишинде мүрәжатының нәтийжеси бойынша қуўатлылығы 20кВтқа шекем болған электр тармақларына таяр жағдайда жалғаў бойынша техникалық шәрт бериледи.
А.Ихласов,
Нөкис қаласы әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы директоры.
