− Жора, бир қыз бенен таныстым, ал жаңағы бар ма…
− Жүдә сулыў ма не?..
− Не деп атырсаң.. Мынаған қара, сүўрети де бар.
− О, расында да, сулыў екен!.. Қолдан шығарма.
− Бундайды қолдан шығарыўға бола ма?!
− Саған да мүнәсибет билдирип атыр ма?
− Керегинен артық…
− О, мынаның қыз жүрегин жаўлап алыўына қара!..
− Ол ушын қолымнан келгенин ислеймен.
* * *
− Хош, не хабарлар, нелер болып атыр?..
− Бәри жақсы… Кеше саған айтып едим ғой, биреўи бар деп..
— Ал, ал?
− Қорқып турман. Делбедей сүйип қалдым.
− Ол да сени уната ма?..
− Қәйдем.
− Онда өзиңди унаттырыўға ҳәрекет ет!
− Қалай унай аламан?
− Өзиң билесең, бундай жумысларда тәжирийбем бар, саған жәрдем етейин. Саўға ал. Ҳаял адам гүлди унатады, әсиресе қәлемпирди…
− Кейин қымбатырақ саўғалар да ал… Гәпиңниң арасында жүдә ақыллы екенин айт.
− Яқшы, айтқанларыңды ислеймен.
* * *
− Аҳ… Саған қалай миннетдаршылық билдириўимди билмей турман.
− Ҳә, не болды?
− Жора, сен ҳаялларды жақсы түсинесең. Сен айтқан рецепт бойынша ҳәрекет еттим. Ол маған еркелей баслады. Айт, басқа не ислесем болады?
− Киноға түсиң. Бирақ аўырлаў кино болмасын… Я қайғылы, я комедия, ямаса музыкалы кино болсын. Кинодан шығыўыңыз бенен бир жерге апар. Оған музқаймақ алып бер. Шәртли түрде ванильли болсын. Және ҳәр дайым қасыңда конфетлерди алып жүр, арасында бере қоясаң.
− Сен не десең, ислеймен. Мына ҳаялға дым делбе болып баратырман.
* * *
− Кеше кинотеатрға түстик. Кино көрип отырып конфет те бердим, қатты унатты. Кинодан шығып, музқаймақ жеўге бардық, ванильли музқаймақтан әпердим. Талғамлы еркек екенсиз, деди. Бул ҳәпте бир жерге айланыўға баражақпыз, айт, қаяққа апарайын?
− Меннен сорасаң, Үлкенатаўға¹ апар. Ешек пенен атаўды айланың. Пляжға барың. Кейин ойнаң, вальске мирәт ет.
− Ой, Тәңирим… Усы ҳаялды бир өзиме аўдырып алсам!..
− Мына айтқанларымды исле, аўдырып аласаң.
− Расы менен, саған қалай рахмет айтыўымды билмеймен.
− Мен тек тәжирийбелерим менен бөлисип атырман.
* * *
− Хош, қалай, өткен ҳәпте саяхат еттиңиз бе?
− Бардық… Әжайып өтти. Бирақ оның менен көп бирге бола алмай атырман.
− Неге?
− Турмысы бар екен! Қуры ўақыт өткерип жүрмиз.
− Күйеўин жақсы көрер ме екен?
− Яағаў, ешектей бир күйеўи бар екен. Ойсыз, ҳаял дегенди түсинбейтуғын сықылсыз биреў, дейди.
− Ўай, бийшара ҳаял. Неге ажыраспайды екен?
− Саған исене алсам, бүгин ажырасаман, дейди. Уфф, не ислесем екен, билмедим…
− Изинен қалма.
* * *
− Не болды? Жумыслар өрледи ме?
− Сорама… Поса да ала алмай жүрмен. Өзин тарта береди. Бирақ, мени жақсы көретуғынын билип жүрмен.
− Саўға бериўди даўам ет. Мысалы, бир жақсы лосьон бер. Әсиресе «Skandal» дегенинен… Кейин басқа, мысалы, таўар бер. Ҳаяллардың көбиси көк реңди унатады, аўа, көк реңли таўар бер.
− Күйеўи билип қалса не?
− Қаяқтан биледи? Өзи айтқан ғой жүрген биреў деп… Қәлесең таўарды мен сайлап берейин…
− Яқшы, дәрриў алайын!..
* * *
− Ал жағдайлар қалай?
− Жүдә жақсы кетип атыр. Лосьонды көриўи менен, тап мен унатқан ийистен, деди. Таўардың реңин унатты. Жора, бирақ еле мектеп балаларындаймыз. Оны қалай өзиме аўдырып аламан?
− Яҳя Кәмалдың² қосықларынан оқып бер… Күйеўиң менен ажырас, екеўимиз турмыс қурайық де…
* * *
− Көптен берли көринбей кеттиң, қаяқларда едиң?
− Саған хабарласа алмадым. Жумыслар илгериледи. Ол күйеўинен ажырасты.
− Турмыс қурмақшысыз ба?
− Әлбетте…
− Оҳ-о, ўақытыңды кетирме. Не болса, болсын…
* * *
− Саған қалай рахмет айтыўымды билмей турман. Кеше турмыс қурдық. Қуўантқаның ушын рахмет. Сениң арқаңда үйлендим.
− Негизи мен саған рахмет айтаман, жора. Мени де қуўантқаның ушын рахмет. Себеби, мен де сениң арқаңда әйелден қутылдым.
− …….!!!
¹Үлкенатаў (Büyükada) − Түркияның Истанбул ўәлаятына қараслы ең үлкен атаў.
²Яҳя Кәмал — түркиялы шайыр, жазыўшы, сиясатшы, дипломат, зыялы.
Қарақалпақшалаған:
Азизбек Жаңабаев.
