Көпшилик жағдайда барлық балаларға да кишкенелигинде-ақ, «Үлкейгенде ким боласаң?» – деп сораў бериледи. Мүмкин, сол ўақытта бала көп ойланбай-ақ, муғаллим яки шыпакер боламан – деп дәрҳал жуўап берер. Ал, мектептиң жоқары классларына келип, оқыўшы бул сораў үстинде жақсылап ойланады. Өйткени, кәсиби-келешеги екенин тереңнен түсине баслайды. Яғный, ҳәр бир кәсиптиң жәмийеттеги орнына, абырайына өзинше баҳа береди, өзин де сол кәсиплерге қыялый қойып көреди. Турмыста ҳәр бир инсан өзи қәлеген қәсипти таңламаса көп тосқынлықларға ушыраўы мүмкин. Сонлықтан, балаларды мектеп жасынан баслап кәсипке таярлаўда кәсип ҳаққындағы түсиниклерди сиңдириў тәлим-тәрбияның ажыралмас бөлегине айланған.
Бүгинги күнде мектеплерде, кәсип таңлаў бойынша шығарма жумыслар

дан тысқары әмелий ислер де алып барылмақта. Оқыўшылар ушын реже тийкарында түрли кәсип ийелери менен ушырасыўлар, көшпели сабақлар шөлкемлестирилмекте. Мектебимиздеги 7-9-класс оқыўшыларының қайсы кәсипке бейи
млигин анықлаў бойынша көргизбели қураллар арқалы психологиялық сораўнамалар өткериледи.
Үйрениў нәтийжелеринен келип шығып, оқыўшыларды ислеп шығарыў кәрханаларына, өнерментшилик орайларына ҳәм басқа да шөлкемлерге саяхатларға алып барады.
Бизиң мектебимиздиң 9-класс оқыўшылары менен оларды кәсипке бағдарлаў бойынша Моноорайына саяхат шөлкемлестирилди. Оқыўшылар бул орында жигирмаға жақын кәсип түрлери менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды. Бул саяхатымыз оқыўшыларымыздың кәсиплик билимлерин және де беккемлеўге айрықша тәсир қалдырды.
Ҳәр бир кәсип қәнигелериниң өмиримизде тутатуғын орны ҳаққында кең түрде мағлыўмат алды.
Малика Дүйсенбаева
Нөкис қаласы 36-санлы мектептиң психологи.
