Қариялар ҳәм майыплығы болған шахслар, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» санаториямыз 28-апрель күни жаңа реконструкциядан шығып, пайдаланыўға тапсырылды. Оның ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турманов, район ҳәкими Д.Қурбанов ҳәм басқалар қатнасты. Санаториямыз 75 орынға мѳлшерленген. Сондай-ақ 50 орынлық пуллы хызмет орны бар. Президентимиздиң 2022-жыл 22-январьдан «2022-2024-жылларда Ѳзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ѳндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында республикамызда бир қатар объектлерде қурылыс-оңл
аў жумыслары алып барылмақта. Усылардың қатарында санаторияда улыўма баҳасы 6 миллиард 650 миллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылды. Заманагѳй әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, хызмет кѳрсетиў қуўатлығы 125 адамға жеткерилди. Яғный, комплексли физиотерапиялық БТЛ аппараты, суў процедураларына арналған қурылмалар, электр, ультра даўыслы, магниттен ҳәм лазерли терапия ушын заманагѳй аппаратлар енди емлениўшилердиң саламатлығын беккемлеўге хызмет етип атыр.
Елимизде инсан мәплери жоқары дәрежеде екенине және бир мәрте илаж қатнасыўшылары санаториядағы емлениўшилер ушын жаратылған шараятлар менен танысып, гүўа болғаны анық. Ҳәмме қолайлықларға ийе, заманагѳй мебеллер, асханада шараятлар ҳәр бир қәдемдеги усындай жаңаланыўларды кѳрип, бизлер еле де ѳз исимизге үлкен итибар менен қарап, кеўилленип жумысқа барып келип атырмыз. Мақсетимиз – ҳәр бир емлеўшилердиң бул жерден саламатлығын беккемлеп шығыўына ѳз үлесимизди қосыў.
Э.ДУРДИЕВА, Н.АБДУЛЛАЕВА,
К.ЖЕКСЕНБАЕВА,
Қариялар ҳәм майыплығы болған шахслар урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» сантаториясы мийирибийкелери.
