Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң тѳртинши баслама «жаслардың мәнаўиятын жоқарылатыў олар арасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў китап ѳнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китап оқыў мәдениятын арттырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында»ғы қарары бойынша 29-санлы улыўма билим бериў мектебимизде «Жас китапқумар» таңлаўын шѳлкемлестирдик. Бул таңлаўға мектебимиздеги 6-7-8-класс оқыўшылары қатнасты.
Таңлаў үш шәрттен ибарат болып, биринши ѳзи оқыған китаплар ҳаққында мағлыўмат ҳәм сораўларға жуўап бериў. Екинши мониторда кѳрсетилген китаплардың бириниң белгиленген ўақыт ишинде мазмунын айтып бериў. Үшинши шәрт, таңлап алынған тапсырмалар ишинде жасырылған жазыўшы ҳәм шайырлардың сүўретине қарап тәрийп бериўи керек. Бул таңлаўдың әдил түрде ѳтиўин тәмийнлеў ушын мектеп директорының оқыў ислери бойынша орынбасары Б.Узақбергенова қарақалпақ тили муғаллими Т.Ибрагимова рухый ағартыў ислери бойынша директор орынбасары П.Шүкириллаева тѳрешилик етип баҳалап барды.
Оқыўшылар жоқарыда кѳрсетилген шәртлер бойынша бир-бири менен қызғын тәризде беллести.
Таңлаў оқыўшы-жасларды тек китапқумарлыққа бағдарлап ғана қоймастан, олардың ҳәр қыйлы мазмунға ийе болған китапларды үзликсиз оқып барыўы, оқыўшының ең әўели ѳз пикирин еркин айта алыў кѳнликпесиниң пайда болыўына, ѳзине болған исеним сезиминиң раўажланыўына, соның менен бирге, ең әҳмийетли болып турған актуал мәселе жаслар санасына қәўип болып турған жаман иллетлерден аўлақ болыўына имканият жарататуғынлығын айтыўымыз орынлы.
Бүгинги жедел пәт пенен раўажланып атырған информациялар әсиринде оқыўшыларымыздың ѳрнек аларлықтай жаңалықлардан үнемли пайдаланыўын, оларға руўхый жақтан азық болатуғын китап ѳнимлери менен тоқтаўсыз тәризде тәмийинлеп барсақ, усы билим берип атырған оқыўшыларымыздың биз жасап атырған ғәрезсиз елимиздиң қәдирине жетип, келешекте ана Ўатанның бәлент шоққыларға кѳтерилиўине үлес қосатуғын кәмил инсанлар болып жетилиўине ҳеш қандай гүман жоқ.
Азима ҲАМДУЛЛАЕВА,
Нѳкис қаласы, 29-санлы мектеп китапханашысы.
