Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары

«Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумын өткериў ҳаққында»ғы 2023-жыл 10-марттағы 3017- IV-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызамының жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумын өткериў ҳаққында»ғы 2023-жыл 14-марттағы СҚ-702- IV-санлы қарарларына муўапық, 2023-жыл 30-апрель күни «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумы өткерилди.
«Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 18, 38 ҳәм 39-статьяларына муўапық ҳәм референдум өткериўши округлик комиссиялардың округ бойынша референдум нәтийжелери ҳаққындағы билдириўлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы қарар етеди:
1. Референдум жуўмақларына бола даўыс бериўшилер дизимине киргизилген 19 722 809 пуқаралардың ярымынан көби, яғный 16 667 097 пуқара ямаса 84,51 проценти референдумда қатнасқанлығына тийкарланып, 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша Өзбекстан Республикасы референдумы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамына муўапық ҳақыйқый ҳәм болып өткен деп табылсын.
2. 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумының нәтийжелери төмендегише тастыйықлансын:
референдумда даўыс бериўши пуқаралар дизимине киргизилген Өзбекстан Республикасы пуқараларының улыўма саны — 19 722 809 пуқара;
даўыс бериў бюллетенлерин алған пуқаралардың саны – 16 667 097 пуқара;
даўыс бериўде қатнасқан пуқаралардың саны – 16 667 097 пуқара ямаса даўыс бериўши пуқаралар дизимине киргизилген Өзбекстан Республикасы пуқараларының улыўма санынан 84,51 процент;
референдумға қойылған мәселени мақуллап «Аўа» деп берилген даўыслар саны – 15 034 608 ямаса даўыс бериўде қатнасқан пуқаралардың 90,21 проценти;
референдумға қойылған мәселеге қарсы «Яқ» деп берилген даўыслар саны — 1 558 817 ямаса даўыс бериўде қатнасқан пуқаралардың 9,35 проценти;
ҳақыйқый емес деп табылған даўыс бериў бюллетенлериниң саны – 73 672 дана.
3. Референдумда даўыс бериўде қатнасқан 16 667 097 пуқаралардың ярымынан көбиреги, яғный 15 034 608 ямаса 90,21 проценти референдумға қойылған «Сиз «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамын қабыл етесизбе!» деген мәселеге «Аўа» деп мақуллап даўыс берди.
4. «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген Өзбекстан Республикасы референдумында улыўма халықлық даўыс бериўи арқалы қабыл етилген деп есаплансын.
5. «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы усы қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
6. «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы ҳәм усы қарар референдум жуўмақлары рәсмий жәрияланған күнниң өзинде оның орынланыўын шөлкемлестириў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентине жиберилсин.
7. Усы қарар ҳәм референдумда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының тексти Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының веб-сайтында ҳәм рәсмий дәреклерде жәриялансын.

Баслық З.Низамходжаев
2023-жыл 1-май