Өртке себепши болмаң

Өрт бул өз-өзинен болатуғын ҳәдийсе емес. Өртке әлбетте өзимиздиң итибарсызлығымыз себеп болады. Айрықша жағдайлар хызмети хызметкерлери тәрепинен газ ҳәм электр кәрханалары, өзин-өзи басқарыў органлары ўәкиллери менен бирге ислесиў кәрхана ҳәм шөлкемлерде, мектеплер, балалар бақшалары, мектеплер-интернатлар, жоқары оқыў орынлары ҳәмде емлеўханаларда өртке қарсы тексериўлер, ушырасыў, сәўбетлесиў ҳәм жорықнамалар өткерилмекте. Адамлар көп жыйналатуғын жерлер, дем алыў бағлары, мәҳәллелерде өрт өшириў техникаларын ҳәм өрт ақыбетлерин сәўлелендириўши оқыў шынығыўлар кѳрсетиледи. Бирлемши өрт өшириў қуралларынан туўры пайдаланыўды көрсетиў, ушырасыўлар шөлкемлестириўлерге ҳәм де радио телевидение арқалы айрықша жағдайлардыӊ ҳәм өрт қәўипсизлигиниӊ алдын алыў бойынша видео роликлерге қарамастан өртлердиң пайда болыў жағдайларын көриўмизге болады.
Дана халқымыз бийкарға өрт қәўипсизлиги, өмир қәўипсизлиги деп айтпаған. Сол орында пайда болған өртлерди мысал ретинде келтирип өтиўимиз тийис деп есаплаймыз.
Өртлерди өшириўден оның алдын алған жақсы. Бундай кеўилсиз ҳәдийселердиң болыўына бийпәрўа болмаўымыз керек. Ҳәр қанша үгит-нәсият алып барыўға қарамастан бәҳәр, жаз мәўсимлеринде пуқараларымыз үй әтирапларын ҳәр түрли шығындыларды өртеп, өртке себепши болады. Фермер хожалықлары жер майданларын өртеп, қараўсыз қалдырыў ақыбетинде өрт кең түрде тарқап кетиўи күтиледи өрт әтирапындағы тоғай яки экологияны бузыўға алып келеди. Мәўсим дәўиринде әмел қылыныўы керек болған бир қанша талапларды умытпаўымыз мақсетке муўапық.
Р.Исаев,
Нөкис районы айрықша жағдайлар бөлиминиӊ үгит-нәсият бөлимшеси баслығы, капитан.