Жақында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик музейинде «Түркий халықлар ѳнерментшилиги» форумы шеңберинде, «Бас кийимимиз-миллетимиз мақтанышы» атамасында ушырасыў-кеше шѳлкемлестирилди. Кешеге тарийхшы ҳәм кѳркем ѳнер таныў илимпазлары, музей хызметкерлери, туристлик кәрхана ўәкиллери студентлер ҳәм ѳнерментлер қатнасты.
Илаждың мақсети-қарақалпақ халқының миллий бас кийими болған ерлер ҳәм ҳаял-қызлар тақыялары миллетимиздиң ѳзине тән ѳзиншелиги сақланған бас кийимлеримиздиң үлгилери жѳнинде мүнәсибетлерге бағдарланды.
Илажда «Ѳнермент» басқармасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары С.Мадаминова Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Зарикеев, тарийх пәнлери докторы, Ѳзбекстан Республикасы Илимлер академиясының қарақалпақ гуманитар пәнлер илим-изертлеў институты директоры М.Қарлыбаев ҳәм И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик кѳркем-ѳнер музейи хызметкери А.Пирназаровалар қойылған мәселе бойынша түсиник берди.
Ушырасыў сораў-жуўап пенен даўам етти.
