Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 24 июлдағы “Электрон онлайн – аукционларды өткериў тәртибин әпиўайыластырыў, оның ашықлығын асырыў ҳәмде қатнасыўшылар ҳуқықларының исенимли қорғалыўына кепиллик бериў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген. Соныӊ менен бирге усы қарарға тийкарланып Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 12-январь күни «Электрон онлайн-аукцион ҳәм таӊлаўларды шөлкемлестириў ҳәмде өткериў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 18-санлы қарары қабыл етилди. Усы қарарлар тийкарында мәмлекет активлериниӊ сатылыўы ҳәмде ижараға берилиўи белгилеп берилген. Қарақалпақстан Республикасы бойынша бүгинги күнде пуқаралар ҳәм исбилерменлер e-auksion.uz саўда платформасы арқалы мәмлекет активлерин сатып алыў ямаса мәмлекет мүлклерин ижараға алыўлары мүмкин.
Соныӊ менен бир қатарда жеке тәртипте үй-жай қурыў, исбилерменлик, дийқан ҳәм аўыл хожалық пенен шуғылланыў ушын жер участкаларыныӊ сатылыўы ямаса ижараға берилиўиде e-auksion.uz саўда платформасы арқалы әмелге асырылмақта. Аукцион саўдаларында қатнасыў онлайн рәўиште болып қатнасыўшылар өз үйлеринен шықпастан саўдаларда қатнасыў имканияты жаратылған. Буныӊ ушын аукцион саўдаларында қатнасыўды қәлеген ҳәр қандай шахс онлайн рәўиште e-auksion.uz сайты арқалы дизимнен өтип мәлим муғдарда закалат пулларын төлеп саўдаларда қатнасыў имканиятына ийе.
Ҳәр бир пуқара ҳәм исбилерменлер ашық-айдын аукцион саўдаларында қатнасыўына болады.
Р.Есимбетов,
Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы МУК Қарақалпақстан Республикасы аймақлық ўәкили.
