(Даўамы. Басы өткен санларда)
Келисип, сөйлескен ўақта өзин билмейтуғын бәлеси жоқтай көрсетип атыр еди, ҳақыйқатында Есимлер де таза үйреншик кусайды. Олардың өз исиниң устасы емеслигин қурылыстан хабары жоқ Бабанияздың өзи де абайлады: гербишлерде байланыс жоқ, оның үстине қыйсық өреди: дийўал биресе ишке кетеди, биресе сыртқа шығады. Айтып еди, «малханаға бәле келмейди. Сыбаў менен туўрыланады», деп қутылды, буның тәжирийбеси жоқлығын билип. Хожейин тилин тислеп отыр, себеби кетиң, дей алмаса, өйткени өрмей атырып-ақ «бес күнде питкеремиз. Ҳәзир бир жағдайлар шығып турыпты, пулын алдыннан бериң», деп қол ҳақысын алып қойған еди. Бес күнде он қатарға зорға жетти. Енди бийик – қыйын жағына келди. Қалған он бес қатарды бул жүриси болса он бес күнде питирер, өзлери де тамақсаў екен. Ҳүкиметтиң жумысындағылардай азанда тоғызда келип, ярым саат кийинеди, сигарет шегеди, биразы насбай атып, анекдот айтысады. Кәмине келип кирискеннен кейин де шаққанласпайды, тасбақадай қыймылдайды. Түсликке шәртли түрде гөшли аўқат деп келискен: болмаса жемейди. Саат он алты-он жетилерде де шайҳалқас қылады. Көп узамай – саат он тоғызларда үйлерине қайтады. «Тамағы тойса қурбан ҳайт» деп жүрген күнликшиден айнымайды.
Бир күни мал қора қурылысы басланғалы изеп баспаған әкеси ҳармасынға келди. Қурылысшылардан күйип жүрген Атанияз әкесин көрип, кеўли бузылып, жылап жиберди, «Ҳе, не болды?» деп қора қасына келип дийўалдың қыйсық, сәл ысырсаң қулап кетерликтей екенин көрди. Жаз айы. Кешки жети болмай өриўшилер кийинип атыр еди. Атанияздан жай-жағдайын билип алып, гербиш өриўшилерди жыйнап, оларға «дийўалды бузып, қайта өресизлер!» деди. «Яқ, кетемиз, неге? тағы басқа» деп доқ урып еди, әкеси де шәддес екен:
– Мениң пулым ҳарам емес. Ислесеңиз, дурыслап өриң. Болмаса ҳәзир салықтан адам шақырып, жәрийма салдыраман. Ямаса ақшамды қайтып бериң. Өйтпейди екенсиз, қайта бузып, жақсылап өресиз. Мен емес, қыйсық өрген… Ал, мына кийимлериңизди қораны өрип болмағанша бермеймен, – деп олардың таза шалбар-көйлек, аяқ кийимлерине дейин жыйнап алып, бир бөлмеге апарып қулыпты урды. – Питиргенше усы жерде жатып, азанда ерте турып, кеште күн батқанша ислейсиз. Ким менен ойнап жүрсиз?! Қылаплық етсеңиз, аяқларыңызды қырқып аламан! – деп дәпинип еди, олар пышық болып қалды. Бузып, буннан соң шаққан-шаққан ислеп, қайтадан өрип те берди. Жақсылап ислесе дүп-дүзиў өрер екен.
Атанияз адам жумсаўдың да қатты қыйын екенин билди. Бурын жай салыўдан қайтқан әкесине: «Қойса, аға, несине шаршайсаң?! Ислейтуғын биреў, қуры қасында жүрсең ғой» деп оның силикпеси шыққанына, растан исенбес еди. Туўрысында, қуры жүргендей болған менен, сениң жумысың олардикинен кем емес екен: қәйтип өрип атыр, ылайды аз салды ма, гербишлерди байланыстырып атыр ма? сыбаў болса: жуқа ма, қалың ба, сабанды жибитип, өлтирген бе, тири ме, ылайды басқылап писирген бе, бәрине қарап, қадағалап турмасаң, ҳәзирги жумысшылар көзиңниң тасасын алып, алдаўға, тез тамамлаў ушын қалақ-қулақ ислеўге ҳәрекет етер, ақшасын бердиң, өзлери ислей бермес екен.
Атанияз «өрип болды», деп әкесине қоңыраў етти. Ол: «Ўақтым жоқ, баралмайман. Қалған жағын да өзиң келис» деди.
– Ҳаў, усылар менен бе?
– Аўа. Қорықпа. Олар енди тәртипке түскен. Қора басына ағаш таслап, пәрдийўал өрип, қада, қамыс, плита жайып, үстине сабан шығарасаң. Қара ылай менен қалың етип бир, кеўиңкирегеннен соң қара клёнка төсеп, үстинен еки-үш сантиметр қалыңлықта топан сыбаў менен және бир рет жақсылап сыбайсаң. Усы жумыслар ушын неше сум сорайсыз, деп сөйлес. Қымбат айтса, рухсатын бер. Сениң дийдиңдеги пулды айтса, яқшы, бирақ сапалы, мениң жаңағы айтқанымдай, өзлериңиздиң үйиңиздегидей етип ислейсиз, деп зиңҳарлап тапсыр. Бул рет ақшасын алдыннан берме. Болғаннан соң өзим тексерип көрип болып, унаса беремен, деп айт.
– Сонда да жаңағы жумысларды неше сумдайға ислесе келисейин, – дейди улы әкесине, өзи утылып, бапланып қаламан ба, деп бир шешимге келиўден.
– Сегиз жүз-бир миллион әтирапы болса қымбат емес. Жоқарыға ылай шығарыў да әнейи емес.
Ақшасын алдыннан бермесең ҳәм бастан азанда пәлен ўақта келип, кеште төленде қайтасыз, деп келиссең, ўәй, ислейди екен-аў, ақшаға жетейик, деп. Сонда да бақлап турмасаң қаданы сийрек салады, ҳәр жеринен шеге қақпайды, ямаса байламайды. Плиталарды тығылыстырмайды, пәрдийўалға миндирмей, ашық қалдырады, ямаса сабанды жуқалаң салады да қояды, ылайды жуқа сыбайды, дегендей, бәри бир айтып-шертип турмасаң, шала ислейди: көзиңди ағартып қарайды екенсең.
Атанияз жумысына бир барып көринеди де және ҳайт қойып, қурылыстан хабар алады, және кетеди, және келеди. Бир аяғы сирә, базарда. Бүгин анаў керек болса, түстен кейин мынаў. Гилмала сынған болып алыў керек, ямаса помидор, қыярдың қуртына қарсы дәри керек дегендей. Шеге қум таўсылған болады. Гөне базардан әйнек, қапы алыў керек. Әкелип еди, қапысы қалдырылған орыннан ени, бийиклиги бойынша да үлкен болып шықты: сыймады. Әйнектиң болса ени келди де, узынлығы узын екен. Базарға бармастан бурын орынларын өлшеп алмағаны – тәжирийбесизлиги пәнт берип турыпты.
Енди қайта апарып, кишилеўин алып қайтыўға мәжбүр болды. Бул жумыслар да, әйтеўир, жуўырыспақтың, бақырыс-шақырыстың арқасында бираз күнде питти. Буннан кейинги жумыс жанына шәртек соғыўды да Есимлерге «кесип» берди. Алты жуўан бақан алып келип еди, «биротала трубадан исленген өре көмейик. Бекем болады», дегеннен соң базарға еки ҳәлек болды.
Жумыстан келсе шәртек бақанлары көмилип, үстине ағашларын салып атыр екен.
– Есим, есиң дурыс па? – деди баяғыдан батылланған Атанияз жаны шығып, – Ҳаў, мынаўың не?
– Неси не?
– Шуқырды тереңирек қазыўға ериндиң бе? Шәртегиңиз аспан менен тиллесежақ, дым бийик ғой. Оның үстине труба бақанның жерге көмилетуғын жағын қарамайды еритип, шүберек пенен жағып, сыртынан кленка қалта кийгизип ораң, демеппе едим?! Я оны ислемегенсиз…
– Яқшы. Жигитлер бақанларды суўырып алың…
Қулласы, усындай қыйыншылық, жуўырыспақ пенен мал қора үш ай дегенде толық питти.
Бабанияз қораның питкенин узынқулақтан еситип отыр. Бирақ имаратын коттеджге алмастырыўға жанығып жүрген баяғы Атаннан дәрек жоқ. Соннан бир күнлери баласын шақырып алды.
– Алмастырмайсаң ба? Мал қораны питирипсең. Қасына таўық қора, ийт қоралар салыпсаң. Келин тандыр да қурып атқан қусайды. Олар шәрт емес еди ғой. Өйтип қыйналып не қылар едиң?
– Аға, – Улы басын төмен салып, шайналып сөйлейди. – Аға, со мен алмастырмай-ақ қояйын ба?…
– Ҳаў, неге? Мен ўәде берип қойдым ғой, – деди әкеси ишинен күлип.
– Балам «аўмастырмайжақпан» деп атыр дерсиз-дә.
– Ҳе, неге? Моншасы жоқ, ишки туалет жоқ. Асхана, гараж… Қоңсылар да насаз емес пе? – Сынын бузбай, баласын сынап сөйлейди.
– Яқ, аға. Бәри жақсы. Гараж, асхана, монша, ҳәжетханасын да өзим қурып аламан. Қолымнан келеди. Сонша мийнет еткен мал қорамды қыймай турман. Енди түсиндим, ана бирде сизиң неге мениң коттеджге аўмастырыўыма қарсы болғаныңызды. Малхананың өзин салыў усындай қыйын болса, үлкен жайдың мийнетин айтпай-ақ қойың. Сизге рахмет… Сизиң жайға қанша нервиңиз кетип, сонша еңбегиңиз сиңди. Ол аймақ, өзиңиз айтқандай, тәбияты сулыў, таза ҳаўа, тереклик, бағ, шаўқым жоқ, жәннет жер екен. Қоңсылар да жүдә әпиўайы, сыйласықлы. Адам жатырқамайды. Атызыма да қудайдың көп егинин еккенмен. Алды писип баслады. Сизге де алып келдим, – деп ол есик аўзына қойған еки сумканы алып келип, ишинен пияз, помидор, қыяр, жамбылшаға дейин шығарды. – Бириншисинен, дәслеп сизди дәм татсын деп әкелдим.
Бабанияз улына жақсылап сер салды. Қараса, бул баяғы ериншек, қосжақпас, өжет бала Атан емес, ал еси енип, өмир деген үлкен океанда емин-еркин жүзиўге тайын ақыл-дәне Атанияз еди.
– Бәрекелла! Үсийтип адам болып кетерсең, – деп әке, улын қушақлап, баўырына басып, мийирлене ийискеп, сүйе берди…
Оның көзинен мөлт-мөлт жас сорғалайды. Бул әкениң өз улының адам болғанын көргендеги қуўаныш жаслары еди.
Алланазар ӘБДИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы.
