Ҳәр мәўсимниң ѳзине тән айырмашылығы бар. Солай екен мәўсимлер алмасарда яки болмаса ҳәр мәўсимде денсаўлыққа тәсирли тәреплери де болады. Бәҳәрде кѳбирек шамаллаў кеселликлери адам ушын қолайсызлықлар туўғызса, мине елимизге кирип келген жаз айларының да адам организми ушын жақсы, жаман тәреплери бар. Жаз айы ыссы келеди. Сол себепли ыссыда ҳәмме ѳзлерин саяға алып, салқын ишимликлер, муздай затларға ѳш болады. Кѳбирек кондиционерлердиң астына тығылады. Булардың бәри адамлардың денсаўлығы ушын зыянлы. Қала берсе әлле қашан шыбынлар шығып, биз жейтуғын тағамларға ѳш болады.
Даладан ыссы ҳаўадан шѳллеп келген соң музлатқышта музлап турған суўды симиргенде жаның рәҳәтленеди. Ямаса, кѳше-күйде музқаймақ, газли суўды ишип, жанымызға рәҳәт бағышлағандай боламыз. Булардың бәри организм ушын гейде орны толмас ѳкинишлерге алып келеди. Тамақ, дем алыў, ѳкпе жоллары, қулақ, мурын, кѳз, бас бәри зәрерленеди.
Жазда бундай әдет қайта-қайта тәкирарлана берсе изи жақсылыққа алып келмеси анық.
Муздай суўды ишип болып, муздай ҳаўа шығарып турған кондиционердиң астында уйықлап қалсаңыз және жаныңызға ҳазар берген боласыз. Шыбын-ширкейлер шықса яки олар қонған тағамларды жеў де ҳәр түрли кеселликлерди келтирип шығарады. Мийўелердиң писип жетилисетуғын мәҳәли болғаны ушын оларды шала жуўып жеў де зыянлы. Сол себепли жаз айларында диария кеселликлери кѳп ушырасады.
Жазда кѳбирек пахтадан тигилген кийимлерди кийип, денелериңизди ыссыдан қорғап жүриўди сизлерге үйретип отырыўымыз шәрт емес. Ҳәр бир инсан денсаўлығы ушын дәслеп ѳзи жуўапкер.
Мәўсимлер алмасқанда да денсаўлығыңызға итибарлы болғаныңыз жақсы. Май айында магнит боранлары кѳп болды. Усы себепли кѳпшилик аўырып, ҳәлсизленип қалды.
Ҳәр тѳрт мәўсимде де кѳп-кѳптен суў ишип турған мақул. Әсиресе, күнниң биринши ярымында организмди суў менен илажы болғанша тәмийинлесең күн даўамында тетик жүресиз.
Булардың бәри жүдә әпиўайы, аңсат ис болып түйилгени менен оларды күн тәртибине айландырыўға онша асықпаймыз. Гейде бийпәрўалығымыз орны толмас ѳкинишлерге алып келетуғынын ўақтында аңламай қаламыз.
Сол ушын ҳәр бир демимиз ғәниймет екенин түсинип, ѳзлеримизди ҳәр түрли жаманлықлардан асырайық.
Д.ШАВКУМОВА,
М.ХАЛМУРАТОВА, Р.САПАРБАЕВА.
Қариялар майыплығы болған шахслар урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» санаториясы мийирбийкелери.
