Кѳпшиликке белгили, руўхыйлық турмысымызда, дѳретиўшилик әлеминде жас қәлемкешлер менен толы таза бир толқын пайда болды. 2021-жылы Президентимиз Пәрманы менен улыўма орта билим бериў мектеплерине дѳретиўшилик – мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар бекитилип, жумыс баслады. Олар арасында ҳәр жылы үлкен таңлаў шѳлкемлестирилип киятыр.
Усы жылы «Жылдың ең белсенди үгит-нәсиятшы» таңлаўының жеңимпазы Нѳкис районы 4-санлы мектептиң дѳретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Улбоған Юсупова болды.
Жақында ол, Ташкент қаласында ѳткерилген Ѳзбекстан Республикасы басқышында да сыйлы 2-орын жеңимпазлығын қолға киргизди.
Улбоғанның азғана ўақыттың ишинде-ақ, барлық кәсиплеслерине үлги бола алыўы бул үлкен мақтаныш.
Мектеп оқыўшыларын китапқумарлыққа бағдарлап, дѳретиўшилик дүньясына баслаўда У.Юсупова усылай жаңа басламалар менен кирип келди. Мектепте бир клуб ҳәм алты дѳгерек шѳлкемлестириў менен бирге «Жылдың ең китапқумар оқыўшысы» сыйлық нышанында таярлады. Бул нышан ең китапқумар бир оқыўшыға бериледи. Және дѳретиўшилик ислерге бағдарлаўшы кѳп ғана илажлар ѳткерип, мектеп оқыўшылары менен биргеликте қарақалпақ шайырларының қосықларын рус ҳәм англичан тилине аўдармалап келмекте. Ташкент қаласындағы Класс журналынан ѳз оқыўшыларының аўдармалары орын алмақта. Ол соның менен бирге ҳәзирги ўақытта «Авангард» баспасы редакторы. «Әдебият шайдалары» атамасындағы топлам китаптың баспадан шығыўы бул ҳәўескер қәлемкешлердиң туңғыш рет әдебият майданына салған соқпағы болды. Апрель айында Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 199 жыл толыўы мүнәсибети менен Наўайы ўәлаятының Тамды районына «Поэзия фестивалы» шѳлкемлестирилип, Улбоған Юсупова да баспа атынан қатнасып келди. Талапшаң үгит-нәсиятшының жумысларының шеңбери оғада кең. «Дәўир самаллары» атамасындағы прозалық шығармалардан ибарат китабы жарық кѳрди.
– Таңлаўда «Зия нуры» журналының республика мәнаўиятшылары ҳәм дѳретиўшилериниң биринши журналы республика кѳлеминде ғана емес Өзбекстан Республикасы көлеминдеги журналға айланыўы төрешилер қурамы тәрепинен айрықша атап өтилди. Бул журнал Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының қоллап-қуўатлаўында «Авангард» баспасынан таярланып, жарық кѳрип келмекте.
– Таңлаўда дѳретиўшиликке қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, үгит-нәсиятлаў бойынша алып барып атырған жумысларымыз сегиз талап бойынша баҳаланды. Тѳрешилер тәрепинен таярлаған ҳүжжетлеримиз үйренилди, сиясий темада ҳәм жазыўшы-шайырлар шығармалары бойынша 30 тест сораўлары қойылды. Соң ислеген жумысларымызды слайд арқалы таныстырдық. Таңлаў жуўмағында «Жылдың ең белсенди үгит-нәсиятшысы» таңлаўының екинши орын жеңимпазы болдым. Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасынан еки үгит-нәсиятшы яғный Хожели районындағы 32-санлы мектеп үгит-нәсиятшысы Мийўагүл Баймурзаевада қатнасып арнаўлы номинация жеңимпазы болды.
Барлық устазларымның, мектеп жәмәәтимниң ҳәм кәсиплеслеримниң табысы деп есаплайман. Ең әҳмийетлиси жақсы тәжирийбе алмасыў болды. Мийнетлеримизге үлкен дыққат-итибар қаратып баҳаланып атырғаны бизге және де үлкен йош илҳам бағышлайды, – дейди Улбоған Юсупова.
Мектептей әзиз дәргайда оқыўшыларды дѳретиўшилик ҳәм мәдений мәселелерге үгит-нәсиятлаўдай ийгиликли, саўабы кѳп болған жумысларының еле де табыслары мол болыўына тилеклеспиз ҳәм исенемиз.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Нѳкис қаласы, 30-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.
