Кеширимлилик – кеўил кеңлиги

– Бәрекелла, өзимизде де усындай истиң көзин билетуғын усталар бар екен. Усы отырған имаратымызға электр сымларын өткериўде шебер қәниге таба алмай өзиңиздей бир азаматты басқа қаладан алдырып ислетип едим. Жаман шықпады ҳәммеси ойымыздағыдай, усы күнге шекем ҳеш бир кемиси шыққан емес. Сиз туўралы да көп ўақыттан берли еситип жүрмен, үлкен бир кәрхананың монтажлаў жумысларында қатнасқаныңыздан да хабарым бар. Мынаў сизиң қол ҳакыныз разы болың. Бала-шағаңыздың рәҳәтин көргейсиз.
Қалмурза аға Мухаммед монтёрдың хызметинен кеўли толып миннетдаршылық сезимлери менен шығарып салды. Ҳақыйқатында да Мухаммед ҳәр қандай алғысларға миясар инсан. Жаслайынан сүйген бул тараўдың ҳақыйқый устасы дәрежесине жетти. Ол жүдә кишипейил, ҳеш бир адамның сөзин жерде қалдырғысы келмейди. Жумысынан бос пайытлары аўыл арасы, қоңсы-қоба дегендей үйлерге электр сымларын тартыў, техникаларына оңлаў зәрүрлиги туўылса ҳеш хызметин аямайды.
– Инсанның жақсылығы жанында жүриў керек,жасы үлкенниң пәтиясы сениң ҳәр қандай байлығыңнан артық – дейди.Бул пикирлерин перзентлерине жийи тәкирарлап турады.
Көп өтпей Қалмурза ағадан және қоңыраў келди: – Иним мениң бир қәдирданымның жаңадан қурып атырған үйине уста керек, егер мәлел келмесе жумысыңнан бос пайытың келип бир ислеп берсең – деди.
Бул сапары айтылган жерге ол өзиниң шәкирти менен бирге барыўды уйғарды. Кеште нәўбетшилиги болғанлықтан екеўлеп өндирип жумыс иследи.Гәп арасы оны бул жерге шақырған абырайлы, бир мәкемени нешше жылдан берли басқарып киятырған, сөзи жүйели, төрелилиги де басым Қалмурза аға ислерине кеўли толып:
– Бизде сондай үлкен кәрхана жаңадан ашылыў алдында соған басшы лаўазымына көптен берли өзиңди ойлап жүр едим, егер яқ демесең жақсы жумыс, сениң маманлығыңнан басшы таңланыў керек болып тур иним – деп қалды.
– Еплеп кетермекенмен – деп Мухаммед және кишипейиллик етти. Сол пайыт сондай әжайып усынысты еситкен оның шәкирти, қызғаныштан орнынан турып кеткенлигин сезбейде қалды. Бирақ, баладай кеўли таза, ҳәммени өзиндей көретуғын устаз, шәкиртиниң бул ҳәрекетин сезбеди де.
Себеби, шәкиртин баласындай көрип хожалығына қосымша дәрамат болсын – деп оны бәрқулла изине ертип, кәсибиниң сырларын үйретип жүреди.Бул сапары Қалмурза аға жүдә майда жумысларында еринбестен уңқыл-шуңқылына шекем пуқталық пенен питкергенине кеўли толып – Мынаны жақсы нийетиңе жумсарсаң,қораңда тура берсин, ағаң бергенде ал, иним – деп пәтиясын берип шығарып салды.
Мухаммед жол бойы усыныс ҳаққында терең ойға шүмип, өзи менен бирге барған шәкиртиниң асығыс кетип қалғанын кейин аңлады.Бир пайыт көзиниң алды қараңғыласып,көлигиниң шуқырға түсип кеткенлигин сезди.
Сол күни емлеўханада – Егер Алланың сүйген бендеси болса мүшкилин жеңил қылар, аяққа турып жүрип кетиўи мүмкин, лекин көзиниң көрип кетиўине бир нәрсе деў қыйын – деген шыпакерлердиң өз-ара әңгимелери қулағына алыс-алыстан еситилди.
Кейин билсе сол шуқырлықтың алдына қойылған арнаўлы белгиниң, өзинен сәл бурынырақ кеткен шәкирти алып жолдан шетке ылақтырып устазына билқастан усы исти қылыпты.
Мухаммед шәкиртиниң бундай жағымсыз ҳәрекетинен хабар тапса да баяғы адамгершилигине салып әсте ғана – көрер мийнетим бар шығар – деп қойды.Және ол Қалмурза ағаға: – қапталымда бирге барған шәкиртимди сол сиз усынып отырған лаўазымға таярлай қойсаңыз қалай болады, ол жас қала берди устазынан озған шәкирт – деди. Бул пикирди жасы үлкени де шеп көрмей, бәри-бир өзиңиз бир қапталында жүресиз ғой, сизиң изиңизде болса мейли, маған да мақул – деди.
Бул сапары Мухаммед басына түскен жағдайларды Қалмурза ағаға билдирместен, тек телефон арқалы өтинишин жеткизди. Ол бул лаўазымға шәкиртин өзиниң наўқаслығынан, көзиниң көрмеслигинен мүнәсип көрмеди, тек болғаны ол жақсылығынша қалды… Кеширимлилик ҳәр бир инсанның қолынан келе бермейди. Жаманлыққа жақсылық етиў бул мәрттиң иси. Өз жақын инсанның өзине қылған жаманлығын ол Аллаға салды, бәлки тәғдир иси шығар деп қарады.
Қараң, бул дүньяның ислери әжайып дә! Ҳеш нәрсениң бийжуўап қалмайтуғынындай өз шәкирти де өмирдиң күтилмеген соққысына ушырады. Арадан жыллар өтип ол өз қәтесин түсинди. Алланың сыйы ма, тәғдирдиң иси ме Муҳаммед ағаның көзлерине ем табылып, шет елде тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен операция исленип, шамшырағы бул дүньяны көриў бахтына мияссар болды. Демек, жақсылық, кеширимлилик бәрибир өз жуўабын алар екен. Сонлықтан да мен ҳеш кимниң бир-биреўге жаманлық қылмаўын қәлер едим. Себеби, дүнья усындай инсаныйлық пазыйлетке жүреги толы кеширимлиликке бай инсанлар менен гөззал. Жақсы адамлар өз мақсетлерине жете алатуғынына мениң исенимим кәмил болды. Ҳүрметли заманласларым жаман емес жақсы болайық – деп дүньяға жар салғым келеди. Мүмкин бул ўақыя кимлергедур үлги болар, сабақ болар. Уллы данышпанларымыз айтқанындай: Жаманлық көрмегей жақсылар ҳәргиз.
Айназар Шадибаев,
Нөкис қаласы, 28-санлы мектептиң оқыўшысы.