Адам дүньяға келер екен, оның өнип-өсип кетиўинде ата-ананың орны гиреўли. Ал, перзентиниң жетик инсан болып жетилисиўинде, өмирде өз-орнын таўып кетиўинде китаптың орнын айрықша атап өтсек болады. Сол үшында кәмил инсанды тәрбиялаў баслы мақсетимиз есапланады.
Солай екен, ҳәр бир инсанның шахс сыпатында кәмиллигине ерисиўинде мәнаўияттың орны өзгеше. Инсанларды басқа жанзатлардан ажыратып, оны үстин қылып туратуғын бул оның əлбетте ақыл-парасаты, руўхыяты, сана-сезими болып есапланады. Руўхый азық, мәнаўият –инсанға ана сүти, ата үлгиси, бабалар үгити менен бирге сиңеди…
Инсанның руўхый әлеми қоршаған орталыққа болған көз қарасы, оның китап оқыўы менен тығыз байланыслы. Бала мектепке қәдем қояр екен, онда китапқа деген муҳаббаты ояна баслайды. Бирақ, тилекке қарсы ҳәзирги ўақытта оқыўшы жаслар арасында китап оқыўға деген қызығыўшылық пәсейип бармақта. Буның тийкарғы себеплериниң бири әсиресе жаслар арасында китаптың орнын тез пәт пенен раўажланып баратырған технологиялар (компютер, телефон ҳ.т.б) басып баратырғанлығы себепли китап олардың келешеги ушын ақырғы орында екенлиги көзге тасланады. Бундай деп айтыўымыздың себеби ҳәзирде “китап дүканға барып китап сатып алғаннан көре, интернеттен тезирек, аңсат ғана оқып алған абзал” деп пикир жүритиўшилер көбеймекте. Дурыс компьютерден, интернеттен, оқып, билим алыўды бийкарлай алмаймыз, бырақ китаптың орнын баса алмайтуғынын да умытпаўымыз керек.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде де жәмийетшиликке, әсиресе жаслар арасында китап оқыўды үгит-нәсиятлаў, оларды қызықтырыў, инсан менен китап ортасындағы қатнасықты ашып бериў бойынша бир қанша әмелий илажлар исленип атыр.
Орталық инсанның физикалық раўажланыўы ушын қаншелли әҳмийетли болса, китап та, мәнаўий бәркамаллыққа ерисиўинде соншелли әҳмийетке ийе. Дүньядағы ең жақын, ең садық дос бул-китап, ол жанкүйер, меҳрибан ҳәм келешектиң шамшырағы болып табылады. Биринши Президентимиз Ислам Каримов атап өткениндей «Китаплар инсанлар мәнаўиятын, мәдениятын, сана ҳәм ой-пикирин жоқарылатыўға тийкарғы дерек болып хызмет қылады. Оқыған сайын билим дәрежемиз асып, ақылымыз жетилисип, жақсылыққа қарай умтыла беремиз, кеўлимиз жақсылық қәлей береди, қәлбимизде қалыс нийетлер оянады» деген еди. Ҳақыйқатында да, китап барлық ийгиликли ислер ҳәм жақтылы мәнзиллерге бағдарлап турады, ақыл береди.
Халқымызда “ китап-билим булағы, билим-өмир шырағы”, “Китапты қәдирлеў-нанды қәдирлеў” сияқлы әжайип ҳикметли сөзлердиң астында терең мәни бар, әлбетте. Китап оқыў руўхый әлемди байытып қоймастан бәлки, ҳәр бир инсанның билиў процесслериниң раўажланыўына да тәсир жасайды.
Китап ата-анамыз сыяқлы бизлерди тәрбиялайды, турмысты үйретеди. Нешше әсирлер алдын өткен ата-бабалардың турмысы ҳәм олардағы үрп-әдет дәстүрлер, көз-қараслар бизге шекем китап арқалы жетип келген. Буны жасларымыз әдебий китапларды оқығанда инсанның, билим шеңбери, интелектуаллығы асады, ақыл ойы ҳәм де ишки руўхый дүнясы байып барады. Бунда инсанның барлық билиў процесслери раўажланады, дыққаты жәмленеди ҳәм де есте сақлаў қәбилети раўажланады, нәтийжеде ақылый тәрбия жүзеге келеди. Соны анық айтыў керек, заманагөй инсан келешектиң адамлары китапсыз жасаўы мүмкин емес. Китапты оқыў-бул инсанның турмыстағы өсиў, илгерилеў, раўажланыў, камал табыў, өзин-өзи тәрбиялаў, ғәрезсиз тәлим алыўдан ибарат. Бул болса ең алды менен шаңарақта пайда болады. Ата-ана, перзентине ең биринши қызықлы ертеклер оқып берген күннен басланады.
М. Рзамуратов.
Төрткүл районы 1-санлы мектептиң Қарақалпақ тили оқытыўшысы
