АБАЙЛЫ БОЛЫҢ, ӨРТ

Тақыятас районы Айрықша жагдайлар бөлими өрттиң алдын алыў бойынша район аймағында алып барылып атырған профилактикалык ҳәм үгит-нәсият жумысларына қарамастан ҳәзирги ўакытта бәҳәр, жаз айлары кирип келиўден-ақ халқымыз өз турақ жайлары әтирапларын тазалап қуўрақ жабайы шөплерди тазалап дус келген жерлерге жаққанлығы себепли өрт пайда болып атыр.
Ҳәр түрли насаз электр үскене ҳәм тәбийғый газ үскенелеринен пайдаланып, өрттиң келип шығыўына себепши болмақта. Газ плиталарын керексиз ўакытлары жағып қойыў, жуўылған кийимлерин газ үскенеси үстине кептириў ушын жайып койыўлар ҳәм де жарамсыз резина шланга аркалы жалғап пайдаланып атырғанлар көп ушырамақта. Усы жыл 4 ай даўамында район аймағында 10 жерде өрт пайда болып усылардыӊ көпшилиги өртке итибарсызлық пенен қараўы ҳәм жас өспирим балаларды үйлерде жалғыз қалдырып, балалардын шырпы менен ойнаўы, электр үскенелериниң қысқа тутасыўы, өртке итибарсызлық пенен қараўы ақыбетинде өрт пайда болып, бир қанша материаллық зыянлар көрип атыр.
Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери газ, электр кәрханасы хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик турақ жайлардың өртке қарсы жағдайын тексериў бойынша рейдлерге шықты. Тилекке қарсы, айырым пукаралар өрттиӊ алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип, өрттиң келип шығыўына жол қоймақта.
Соның менен бир қатарда сизлерге бир нәрсени еслетип коймақшымыз егерде өрт қәўипи ямаса басқада қәўетерге салатуғын ўақыялар жүз бергенде көрсетилген 101, 1050 қысқа телефон номерлерине хабар бериўиңизди соранамыз.
Өртти өширгеннен көре оның алдын алған абзал емес пе? Усы жаз айы күнлеринде итибарсыз болмайық.
Б.Бердимуратов,
Тақыятас районы АЖБ инспекторы аға лейтенант.