«СҮТКЕ ШОМЫЛҒАН» ҚЫЗ

Гүлпаршынның қызлары Айзада менен Әзийза аралары еки жас болған соң бәрқулла үйде бирге ойнайды. Туңғыш ақлығы болғаннан кейин бе, Айзаданы кемпир апасы бәрҳа меншиклеп жүреди. Айзаданың өзи де кемпир апасына уқсаған ақ бозлақтан келген сулыўшық қыз. Ал, сиңлиси Әзийза әкесине усаған қара торының сулыўы. Еки қызды анасы бәрқулла бирге шомылдырып, бирдей етип кийиндирип қояды.
Айзада алты жаста, ал сиңлиси быйыл төртин толтырады. Баланың үлкени жуўаслаў бола ма, Айзада көп сөйлей бермейди, ал, Әзийза тақыр жерден шаң шығармай жүрмейди. Әжапасында бир артық нәрсе көрсе, дәрриў шатақ шығырады.
Дем алыс күни Гүлпаршын қызларын шомылдырып алайын деп, моншаға апарды. Еки қыздың үстин бирдей көпиртип атырғанда даўкес Әзийза бирден шаўқым шығарды:
– Неге мениң үстимди қара етип, Айзаданы аппақ етип шомылдырып атырсыз,-деп жылай баслады. Оған анасы не айтарын билмей, тез-тез кийиндирди де, моншадан шығарып жиберди. Әзийза сол жылаўы менен апасына шағым етип барды. Кишкентай қызының қылығын тамашалап отырған әкеси оған:
– Әзийза қызым жылама. Баяғыда Айзада туўылған ўақытта апасы оны сүтке шомылдырған. Соннан кейин ол аппақ болған, – деп ҳәзиллесип еди, Әзийза дәрриў жуўырып барып музлатқыштағы сүтти әкелип анасына берди.
– Мә, мени де сүтке шомылдырың. Мен де әжапама усап аппақ болғым келеди, – деди. Оның сөзин естип үйдегилери көзлеринен жас аққанша күлисти.