Туўысқанлық қарым-қатнасықлары бизиӊ өмиримизди, кеўил сарайымызды безеп турады. Аға-ининиӊ, әжапа-сиӊлиниӊ, әжаға-қарындастыӊ бир-бирине болған мийрими кеўиллерде сүйиспеншилик сезимлерин оятады. Әсиресе, қыз туўысқанлардыӊ жыллы мүнәсибетлерин толып-тасып айтқымыз келеди. Әжапа-сиӊлини, аға-қарындасты, қыз апа менен инини көзге көринбейтуғын қәдирданлық жиплери беккем байланыстырып туратуғынлығы ҳақыйқат. Бул қәсийетли жип – арадағы туўысқанлық ҳәм татыўлық болса керек.
Әкемиздиӊ қыз туўысқанлары арасындағы, анамыздыӊ сиӊлилери менен өз-ара қатнасларын бақлап отырып, кеўлим толқынланып кетеди. Қызлық дәўранды сүрген төркинине қыдырып келер болса, ҳәммеси әжик-гүжик болып сыр шертисип, әӊгиме дүканын қурыўға кириседи. Сәўбетлесип маўқын басып, камалға келген қыз үйинде болып өткен есте қаларлықтай қызықлы ўақыяларды емешеси қурып еслеп отырады. Оларды бақлар екенмен, қызлардыӊ тәғдири, өмир жолы туўралы ойларға берилемен. Шынында да, олар дүньяға келген мамық уясын пайызға толтырып қоймастан, ўақты-сәти келгенде екинши бир уяны шадлықларға толтырыўшы бахыт қарлығашларына мегзейди. Сонлықтан да, қыз балаларға кишкенелигинен баслап «қырқ үйден тыйылыў, бир үйден жыйылыў» кереклиги уқтырылып барылады. «Инга»лап дүньяға келген, ҳеш жерден сатып алып болмайтуғын ата-ананыӊ меҳир булағынан азықланған, қаналас туўысқанлары менен балалықтыӊ еӊ татлы, еӊ бахытлы, қайталанбас мәўритлерин биргеликте өткерген қәдирдан үйинен, жақынларынан узаққа кетиў қыз балаға да аӊсат емес. Ҳәр бири бир қутлы босағаға ийилип келин болып, сол шаӊарақтыӊ шараятларына ийкемлесип жасаўға тырысады.
Қыз туўысқанлардыӊ баўырманлығы ҳаққында айтылғанда, әкемниӊ қарындасы, марҳум әжапам Зульфия ерксиз ядыма түседи. Оныӊ нур тамып турған периштедей ысық дийдарын, баўырына басып аймалағанларын, еки бетимнен мийрим менен сүйгенлерин сағынып еслеймен. Атам ҳәм кемпир апамыздыӊ үйине Зульфия әжапам тез-тезден келип туратуғын болғанлықтан ба, сол нурлы отаўға қарай кеўлим талпына беретуғын болыўы керек. Сонда бала қәлбим оныӊ қоӊыраўдай сыӊғырлаған жағымлы ҳаўазын қайта-қайта еситкиси, жаным меҳир шәшмесинен қанып нәр алғысы келетуғынлығын жасырмайман. Әжапам алыс районлардыӊ бирине узатылғанда жақын туўған-туўысқанлар менен биргеликте келин болып түскен үйине мийманға барғанымыз елес-елес ядымда. Қыз апамныӊ сол мәўритлерде кеӊ үйдиӊ келиншеги болып, ата-енесине, келген қонақларға жуўырып-желип хызмет етип, жасы үлкенлердиӊ ақ пәтиясын алыўға умтылғанлары көз алдымнан кетпейди. Туўысқанымыз өмири өтип баратырғанын алдыннан сезгендей, бир келиншек нелерди ислеўи керек болса, бәршесин жан жүреги менен орынлаўға, ҳәммениӊ кеўлинен шығыўға талпынар еди. Кишкене бала болсам да оныӊ ишки руўхый дүньясыныӊ оғада сулыўлығын ҳәмийше күлимлеп туратуғын ысық жүзлеринен, меҳирли көзлеринен аӊлағанман. Сол себепли де, әжапамыздыӊ үйимизге тез-тезден қыдырып келиўин қәлер едим.
Күнлердиӊ биринде күтилмегенде Зульфия әжапам аўыр кеселликке шатылып, емлеўханада бир неше айлар даўамында даўаланып жатты. Жақын-жуўықлардыӊ барлығы оныӊ саўалып аяққа турып кетиўине тилеклес болып, тез-тезден хабар алып турды. Бир күни анам оған арнап аўқат таярлап, изинен алып барады. «Мен ушын писирген мантыӊыз оғада мазалы екен, дәми аўзымда қалды. Сүйсинип жедим, рахмет!» деп кеўли шадланып, миннетдаршылық билдиргенлерин анам елеге шекем айтып отырады.
Ҳақтыӊ буйрығына бенде көнер екен. Сум әжел қәдирдан қыз апамды бизиӊ арамыздан ерте алып кетти. Жүриминиӊ болғаны шығар, ол узақ даўам еткен аўыр кеселликтен соӊ, гүмис қыстыӊ суўық күнлериниӊ биринде бул дүнья менен ерте хошласып, мәӊгилик сапарға атланды. Бул суўық хабардыӊ ызғары туўған-туўысқанлардыӊ жети жүйресинен өтип, жанымызды жүйли-жүйсиз жерден сөтип жиберди, кеўлимиз қулазып қалғандай болды. Моншақ-моншақ жас төккенимиз бенен оны сақлап қалыўға шарасыз едик. Әттеӊ, тәғдирдиӊ жазмышына, өмирдиӊ заӊларына қарсы тура алмаймыз. Эҳ, мийримсиз әжел!..
Әдиўли Зульфия әжапамныӊ күлимлеген ысық келбети, жоқары адамгершилик пазыйлетлери, пидәкерлик ислери жақынларыныӊ, досларыныӊ қәлбинде мәӊги сақланып қалады!
Сизиң өмириңизди еслесем апа,
Гөззал гүлге мегзеп елге келдиңиз.
Сүре алмай жақты дүньяда сапа,
Қызығына тоймай ерте кеттиңиз.
Бирақ усы қысқа өмир ишинде,
Кеўиллерге жақсылық боп жеттиңиз.
Қабақ шытпай, ҳазар бермей ҳеш кимге,
Сөнбес меҳир нурын сеўип кеттиңиз.
Жақынын жоғалтқан муңлы инсандай,
Мәўсимлер де сизди излер өксине.
Илҳам бағышлаўшы күлкиңди таппай,
Сағыныш жамғырын төгер көксиңе.
Бәрҳа ғамхор болып жақын иниңе,
Баўырым, деп сүйип, еркелеттиңиз.
Меҳирге талпынған бала қәлбиме,
Жақсылықтың шамын жағып кеттиңиз!
Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ муғаллими.
