БИЙДАЙ ОРЫМ–ЖЫЙЫНЫ БАСЛАНДЫ

Әмиўдәрья районындағы “Юсуф хожа” фермер хожалығында быйылғы жылдың бийдай орым-жыйыны мүнәсибети менен көргизбели семинар болып өтти.
Онда секторлардың басшылары, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, аўыл хожалығы бөлиминиң жуўапкер басшылары, фермер ҳәм механизаторлар қатнасты.
Семинар қатнасыўшыларына 1 июльге шекем даўам ететуғын бийдай орым-жыйыны жумысларын шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша мағлыўмат берилди.

Атап өтилдгениндей, быйылғы жылдың бийдай өними ушын райондағы 361 фермер хожалығының жәми 7000 гектар жер майданына бийдай егилген еди. “Қипчоқ ғалла кластери” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 5861 гектар, “Amu Rich Harvest” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 1139 гектар егин майданында жетистирилген бийдай өнимин сатып алыў бойынша фермер хожалықлары менен шәртнама дүзилди. Район бойынша быйылғы мәўсимде бийдай кластерлериниң қабыллаў орынларына жәми қабыл етип алатуғын бийдайының муғдары 16 мың 460 тоннаны қурайды. Соннан 1450 тоннасы туқымлық дән ушын, 8000 тоннасы тутыныў ушын, сондай-ақ, 7010 тонна бийдай өними биржа саўдалары арқалы ўақтынша сақлаўға жибериледи.

Быйылғы жылғы ғәлле орым-жыйынын шөлкемлескенлик пенен өткериў, ғәллени орыў, оны қабыллаў орынларына шекем жеткериў жумысларын системалы тәризде алып барыў ушын штаб шөлкемлестирилип, 24 орым отряды дүзилди ҳәм оларға 24 комбайн бириктирилди.
Комбайнлар менен бир қатарда мәўсимде дән тасыўға мөлшерленген ҳәм хызмет көрсететуғын техникалар да қатнастырылып, олардың мәўсим даўамында толық ислеўи илажлары көрилди. Буннан тысқары, орым-жыйын мапазын шығынсыз ҳәм қәўипсизлик қағыйдалары тийкарында өткериў мақсетинде Ишки ислер, Айрықша жағдайлар ҳәм Миллий гвардия бөлимлериниң 52 хызметкери бириктирилди.
Семинар жуўмағында бийдай атызларында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына бойсыныў, өнимниң зая болыўына жол қоймаў, орылған атызлардағы сабанларды өртемеў бойынша фермер хожалықларының басшыларына, ғәллекешлер менен механизаторларға түсиниклер берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.