ЖАЛҚАЎЛЫҚ ЖАРАСПАЙДЫ ЖИГИТКЕ
Дәўир келди, жақсы жасар,
Дәўлет, бахыт инәм етип,
Дәртке даўа дәрман табар,
Дана басты талап етип.
Айтың қәне, әзиз дослар,
Адам барма қарап жатар,
Арсыз жалқаў бола берсең,
Ақыр сени, кимлер бағар.
Жарлы болыў аңсат екен,
Жарты шағар басың болса,
Жалқаў деген жақсы екен,
Жатып жеўге асың болса.
Еки қолың болған менен,
Епли талап ете алмасаң,
Еки аяғың саў болса да,
Еңсең түсип жүре алмасаң.
Ақылы бар адам болса,
Алға нәзер сала берер,
Ақылы жоқ ақмақ болса,
Артқа тартып қала берер.
Еки көзи болсадағы,
Ебин таппай, тура берер,
Еки қулағы илседағы,
Еси жоқтай жата берер.
Қәлби таза болған адам,
Қалмай тойға бара берер,
Кеўли шала жүрген жаман,
Қолын силтеп, қала берер.
ҚЫЗЛАРЫМ
Хызмет етер, ушып-қонып шаршамай,
Айдын көлдиң, аққуўындай қызларым,
Ата-баба салт, дәстүрин қалдырмай,
Ерте турып, сәлем берер қызларым.
Жарасықлы сән береди шаңараққа,
Қушақ ашып, гүлдей жайнап қызларым,
Шаршап келсең, күш береди айланып,
Ақыл дана, шийрин сөзли қызларым.
Ата-баба қыз баланы шырақ деп,
Дурыс айтқан, қәтеси жоқ досларым,
Атажаным, анажаным дегенде,
Сай-сүйекти саз етеди қызларым.
Қыз баланы, қапа етпей өсирсең,
Оймақ пенен, ийне сабақ жетирсең,
Қурақ қурап, он бармағын ойнатып,
Гүл жайнатып, сән береди қызларым.
Тал шыбықтай, нәзик бели қайысып,
Қонақ келсе аттай шаўып-шабысып,
Тандыр жағып, ыссы нанды жегизип,
Бул өмирге жан қосады қызларым.
Тилеги тынышлық қыздың әрманы,
Орынлансын қыз баланың пәрманы,
Жигитлер қызлардың болса қорғаны,
Бахытлы жасасын, барлық қызларым.
Ел-халқының, дәстүр, даңқын көтерген,
Ер азамат ер жигитлер өсирген,
Ел анасы деген сөзге мүнәсип,
Ер-Зийўардай, батыр болың қызларым.
БЕС МИЛЛЕТ БАР
Бес миллет, бар, бизге жақын,
Баўыр басып, бирге өскен,
Бир-биринен қыз алысып,
Беккем шаңарақ болып кеткен.
Бири өзбек, түсер көзге,
Бизлер оннан күш аламыз,
Бир-биреўди, қоллап бирге,
Биз бахытлы, ел боламыз.
Бири қазақ, қырда жүрген,
Бизге сырлас болып кеткен,
Бизди олар жақын көрип,
Бир туўысқан санап жүрген.
Бири қырғыз, Ыссық көлде,
Басына ақ қалпақ кийер,
Бизди қара қалпағым деп,
Басын ийип, тәжим етер.
Бири түркмен ғақа-ғардаш,
Басына ақ телпек кийер,
Бизлер қара қураш кийип,
Бир аўыллас болып жүрер.
Бири тәжик, қара көзли,
Бизге түри усап кетер,
Барлық ўақта жақсы қатнас,
Барды-келди етип жүрер.
Бири дайы, бири жийен,
Бир-бирине қушақ ашар,
Бирлик ушын жалғап сөзин,
Беккем шаңарақ болып
жасар.
Төренияз
Акимниязов,
Нураный.
