ЖУРНАЛИСТ БОЛСАМ

Өмир сынағы, шаңарақ тәшўиши бул күнделикли мәселе. Ал, кәсип машақаты өз алдына. Дүньяда мыңлаған кәсип түрлери болса да ҳәр бир инсан өзи қызыққан кәсибиниң маманы болыўға ҳәрекет етеди. Әлбетте, ең баслысы ҳәрекет. Ҳәрекет етсең ғана мақсетиңе жетесең. Кәсип таңлаўда шаңарақ ағзаларының мәсләҳәти, жәрдеми арқалы қарарыңды қабыл қыласаң. Мен де сол қатары журналист кәсибине, журналистика әлемине қәдем қоймақтаман.
Баспасөз, телевидение ҳәм радио мениң бул тараўға қызығыўшылығыма себеп болды. Шаңарақ ағзаларым да басында қарсылық билдирди. Мениң бул кәсипке қызығыўшылығымды, «Қарақалпақстан жаслары» газетасында шыққан биринши мақаламды көрип қоллап-қуўатлады. Баспасөзге болган қызығыўшылығым да әйне усыдан басланған.
Қыстың күнлери баспасөз үйине биринши мақалам менен келгенимде «Қарақалпақстан жаслары» газетасы ҳәм устазым Жумагүл апа Ембергенова жыллы жүз бенен қарсы алып, өзлериниң үгит-нәсиятларын берип, қызығыўшылығымның артыўына себепши болған.
Келешекте халықтың арын-арлап, жырын-жырлап кеўилинен шыққан журналист болыў нийетиндемен. Журналист болсам әлбетте халық пенен ислесип, машқаласына шешим таўып, жаңалықларды баспасөз бетлеринде, телевидение де жарытып барыўға ҳәрекет етемен.
Ал, ҳәзирше мен ушын ең баслысы оқыў. Устазларымның берген билим ҳәм тәрбияларын ақлаўға, өз кәсибиниң маманы болыўға, келешекте өсип киятырған жас әўләдлардан шәкиртлер таярлап, халыққа хызмет етиўге ҳәрекет етемен. Ҳәр жылы 27-июнь – «Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» байрамы белгиленеди. Бәрше журналист ҳәм баспасөз хызметкерлери, ҳүрметли кәсип ийелери өз кәсибиңиз ушын жаныңызды аямай хызмет қылмақтасыз, ислеген мийнетлериңиз ушын халықтың алғысындасыз. Кәсиплик байрамыңыз мүбәрек болсын!

Зулфия ТӨЛЕБАЕВА,
Кегейли районы.