Бүгин Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында «Ҳақ жол сизге питкериўшилер» атамасында илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм филиал директоры А.Аяповлар шығып сөйлеп, питкериўшилерди ҳәм олардың жақынларын бүгинги қуўанышлы күни менен қызғын қутлықлап, келешекте таңлаған кәсибиниң маман қәнигеси болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди. Буннан соң питкериўшилерге ҳәм олардың ата-аналарына Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Филиал ҳәкимшилигиниң қутлықлаў хаты тапсырылды.
Илажда атап өтилгениндей, 2022-2023-оқыў жылында Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 8 тәлим бағдары бойынша 127 студент табыслы питкермекте. Мине, бүгин питкериўши жасларымыз жыллар даўамында алған билимлери нәтийжесинде мәмлекетлик аттестация сынақлары ҳәм питкериў қәнигелик жумысларын табыслы қорғап шықты. Бул ата-ананы, қалаберди билим берген устазларын үлкен қуўанышқа бөлейди.
Мәмлекетимизде жокары окыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм жоқары билимли жетик қәнигелер таярлаў сапасын арттырыў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. Бул бағдарда елимизде оқыйман, изленемен деген жаслар ушын барлық имканиятлар жаратып берилген. Усындай мүмкиншиликлерден пайдаланған жасларымыз илим-билимлендириў, көркем өнер тараўында жокары шеклерди ийелеп, филиал жәмәәтин үлкен қуўанышқа бөлемекте.
2021-2022-оқыў жылында филиал студентлери арасынан бир мәмлекетлик стипендия ийеси жетилисип шыққан болса, 2022-2023-оқыў жылында төрт студент мәмлекетлик стипендия жеңимпазы болыўға миясар болды. Буннан басқа д
а көркем өнер бағдарында республикалық ҳәм халықаралық таңлаў жеңимпазларының жетилисип шығыўы жәмәәт ушын үлкен мақтаныш есапланады.
Усы питкериўшилер арасында 71 жасар Шыныгүл Досхожаева да болып, ол филиалдың «Саз әсбап атқарыўшылығы» тәлим бағдарын питкерди.
– Әрманым жоқары мағлыўматлы болыў еди. Мине әрманыма жеттим. Өмириниң 50 жылға шамалас дәўиринде көркем өнер тараўында мийнет еттим. Ендиги әрманым магистратура басқышына окыўға кириў дейди, – апамыз Ш.Досхожаева қуўанышын ишине сыйдыра алмай.
Илажда бир қатар профессор-окытыўшыларға миннетдаршылық хаты тапсырылып, кеше студент-жаслар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.
