КОНДИЦИОНЕРДЕН ДУРЫСЛЫ ПАЙДАЛАНБАСАҢ…

Жазийрама ыссы күнлери бәримиз салқын жерлерди излеймиз. Усындай да кондиционер бизлердиң ең қолайлы шешимимизге айланады. Салқын бѳлмеде терлеп, жанып турған денең рәҳәтленип, кеўлиң сергек тартады. Сол ўақытта кеўлиң жай тапқан менен кондиционердиң бизлер биле бермейтуғын зыяны кѳп. Оннан бәрқулла ҳәм натуўры пайдаланыў орны толмас ѳкинишке әкеледи.
Ыссы күнлерде кондиционердиң салқын ҳаўа ағымы үлкенлер менен гѳдеклерге жағыўы мүмкин. Себеби, оларда денени суўытыў дүзими жақсы болмайды. Деген менен узақ ўақыт оның астында отырыў ҳәр қандай адамның денсаўлығына кери тәсир етеди.
Ең әўели буннан үзликсиз пайдаланыў себепли бѳлмеде ығаллық жоғалып, айна ҳәм қапылар жаўық болғаны себепли кислород жетиспейди. Бул ўақыт ѳтиўи менен териниң қурып кетиўине алып келеди. Сондай-ақ жүзиңизде жыйрықлар пайда етеди. Қалаберсе териниң бәрқулла қурғап кетиўи оған зыян берип, қышыў пайда болады. Сол салқыннан ыссыға шығыў, яғный, 2 түрли экстремал ҳаўа денеде стресс реакцияларын келтирип шығарады.
Бул ѳз нәўбетинде жүрек қан-тамыр кеселлиги қозғалыўы мүмкин.
Оннан қалса қанбасымы ыссыдан кѳре суўықта жоқары кѳтериледи. Себеби, салқын ҳаўада қан тамырлары қысылып, спазмаға алып келеди. Кондиционер астында керегинен кѳп отырыў себепли систолик ҳәм диастолик қанбасымы кѳтериледи.
Усыған байланыслы бѳлмениң температурасы сыртқы ыссыдан жүдә парық қылмаўы ушын 5-7 дәрежеде төмен болыўы керек.
Кондиционердиң және бир жаман тәрепи денениң температурасын түсирип жибереди. Ақыбетинде бронхит, тамақ, бел, буўын аўырыўлары жүзеге келеди.
Қурылманың самалы адамға туўры қаратылса дем алыў жоллары, буўынлар шамаллаўы себепли аўыр жағдайда қалады.
Оннан пайдаланғанда ең суўық температураға қоймаў керек. Бѳлме, офислердеги кондиционерлер +18 +20 дәрежеде болғаны жѳн. Салқын ҳаўаның бѳлмеге бир тегис таралыўына әҳмийет бериў зәрүр.
Буннан басқа да кондиционерлерде дем алыў жоллары инфекцияларын қозғатыўшы микрорганизмлер топланып, аллергиялық кеселликлери бар адамларға тәсир етеди. Сол себепли кондиционерлердиң тазалығына итибар қаратып, фильтирлерин тез-тез тазалаў керек.
Жазда ҳәр түрли кеселликлер кѳбейеди.
Ҳүрметли пуқаралар!
Жаздың жәзийрама ыссысында ѳз денсаўлықларыңызға жүдә итибарлы қараң. Денсаўлық сизлердиң ҳәр бириңиз ушын таптырмайтуғын байлық. Кѳп жасап, саламат боламыз десеңиз қәнигелердиң пикирлерине қулақ салыўды умытпаң.
Г.Якупова, С.Бекмуратова,
Г.Оразымбетова,
Қәриялар, майыплығы болған шахслар урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын «Тақыятас» санаториясы мийирбийкелери.