Инглис тилин идиомалар менен үйренемиз

Ҳәр бир тилде сондай сөзлер ямаса сөз бирикпелери бар, оларды туўрыдан-туўры түсинип болмайды. Егер сиз барлық сөзлердиң мәнисин жақсы билсеңиз де барлық грамматикалық сөз дизбеклерди түсинсеңиз де, соған қарамай идиоматик сөз дизбегиниң мәнисин аңғарыў сиз ушын қурамалылығынша қала бериўи мүмкин. Нақыллар, сөз дизбеклер ҳәм аўызша сөйлесиў усылындағы сөзлерди түсиниў бир қатар қыйыншылықларды пайда етеди. Идиома деп мәниси қурамындағы сөзлер мәнилериниң жыйындысынан келип шықпайтуғын сөз бирикпелерине айтылады. Идиоматик сөз дизбеклери, тийкарынан, күнделикли турмыста көп қолланылады. Бундай сөз дизбеклери демде ядта сақланып қалады. Олар пикирлерди шырайлы аңлатыўға да хызмет етеди. Тилди үйрениў барысында идиомалар оның ең қурамалы тараўларынан бири есапланады, әсиресе, инглис тилинде ҳәм оған бөлек жантасыў талап етиледи. Әдетте оқыўшылар идиоматик сөз дизбеклерди туўрыдан-туўры аўдармаласа және бул гейде күлкили аўдармаларға да себеп болады. Идиомаларды еркин түсиниўди баслағаныңыздан кейин инглис тилинде сөйлеў сиз ушын бираз жеңил болады.
Мысал ушын: Беттер бол – Be better емес, бәлки It serves you right деп аўдарма етиледи тағыда бир басқа мысал келтиретуғын болсақ, To be of the first water – туўрыдан-туўры аўдармасы биринши суўдан болыў лекин мәниси жоқары дәрежеде, жоқары сапалы, тәкирарланбас дәрежеде деген мәнисти аңлатады.
Her play of the piano was of the first water – Оның пианино ойнаўы тәкирарланбас дәрежеде жоқары сапалы. Жоқарыда келтирилген мысаллар идиома сөз топарына мысал бола алады.
Бизге идиомалар не ушын керек?
Идиомалар – күнделикли турмыс даўамында, фильмлер тамаша еткенимизде, инглис тилиндеги музыкалар тыңлағанымызда әҳмийетли болып есапланады. Себеби, инглис тилинде фильм ҳәм музыкаларда идиомалардан көп пайдаланылады, соның менен бирге инглис тилин үйрениў ўақтымызда SPEAKING, LISTENING көнликпелерин раўажландырыўымызға жәрдем береди.
Замира
Шеримбетова,
Нѳкис қаласы, 1-санлы кәсип-ѳнер мектебиниң оқытыўшысы.