Қарақалпақстан Республикасы Минстрлер Кабинетиниң тийисли бийлигине муўапық усы жылдың 10-июль күнинен 10-август күнине шекем республикамыз аймағында «Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша» «Әҳмийетли 30 күн» илажы өткериледи. Республика аймағында күнниң ысып кетиўине байланыслы жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлар ҳәм өртлердиң алдын алыў мақсетинде төмендеги илажларды әмелге асырыўыңызды сорап қаламыз.
Көшелерде тез жаныўшы затлар ҳәм шығындыларды өртемең;
газ баллонлар, тез жаныў қәсийетине ийе лак-бояў ҳәм басқада қурылыс материалларды ҳәм өз-өзинен жаныў ямаса партлаў қәсийетине ийе буйымларды қуяш нуры астында қалдырмаң;
қурғақ от-шөплерди жаныўшы материаллар қасына жыйнамаң;
автотранспорт қуралларын қуяш нуры астында көп ўақыт қалдырмаң ҳәм жанар май қуйыў ыдысын жанар май менен ҳәм газ баллонларын газ бенен ҳәдден тыс көп муғдарда толтырмаң;
күнниң ыссы ўақытларында кепсерлеў ҳәм ушқын шығарыўшы қурылмаларда жумыс алып бармаң;
имаратларда электр ток тармақларын ҳәдден тыс көп күшлениў астында пайдаланбаң ҳәм қараўсыз қалдырмаң;
нефть өнимлерин ҳәм жаныўшы газларды тасыў ҳәм қуйыў жумысларын күнниң ыссы ўақытларында әмелге асырмаң;
Ҳүрметли пуқаралар, жоқарыдағы әпиўайы қағыйдаларға әмел қылып, орынлап барсаңыз, мал-мүлкиңизди өрттен сақлаған, ең әҳмийетлиси инсан өмири менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алған боласыз.
Усы илажда белсене қатнасыўынызды сорайман.
А.Бекмуратов
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығы подполковник.
