Аўқат күйсе,дәмсиз болса өзи асқан болады, уйқылап қалсаң кеше кеш уйқылап еди,шаршады ,келиним пақыр деп иштеги жаўлардан» қорғап отырады.
Әйтеўир нәрсени бәнелеп,күни бойы қарыс қабағың ашылмай, күйеўиңе үй-ишин жаманлап қарсы қойма!
Енең әдил қазың!
Әўелден ене, бала, келин үшлик болады.
Ата дүз аңы деп айттымғо, көбинесе келинлер мәккарланып атаға жағынып алады.Атасы үйде болса шыйрақласады, жоқ болса енеге контратакаға «таярланады», оны аңқаў атасы түсине қоймай, «атаңа нәлет, барлық бәле өзиңнен, әп-әнедей хызметин етип жүрипти ғо» дейтуғыны анық.
Үй, үйә-үй ененики, оның жеке территориясы,соның ушын енеңниң территориясын өзиңдикиндей көр.
Жигирма төрт тарелкасы,жигирма төрт қасығы-жигирма төрт жерде жатпасын!
Уқыплы, тәрбиялы келин қазан -табақтың орнын тез уғып алады.
Түни менен бай қолыңда, қайрап-қайрап өз баўыр-етин жаўға айналдырма!
Күйеўди я анаға, я ҳаялға болыса алмайтуғын жалтақ қылма!
Енең қорғаның!
Ақыллы келин енеси менен дос болады, бай «гөрге» бармайды, ақаяқ келин улын ата-анасына қарсы қойып, байын «айырып» алады, мурнына жипти өткерип, қәлеген жағына сүйрейди.
Жақсы хәрекетиңди де,жаман қылығыңды да,өсирип атырған улың-қызың көрер, ертең алдыңа келсе хешкимнен көрме!
Жер дөңгелек екенин умытпа!
Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы.
