Спорт түрлериниң ишинде гимнастика сулыўлық шынығыўлары деп те айтылады. Бул спорт түриниң өзине тән қағыйдасы бар. Яғный бес-жети жас аралығынан баслап шуғылланыў талап етиледи. Таң қаларлық ийилиўшеңликке баслаўшы шынығыўлар беккем саламатлыққа тийкар салады.
Елимизде спортқа үлкен итибар қаратылған. Соның ишинде гимнастика спорт түрин еле де раўажландырыў ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Арнаўлы қарар тийкарында Қарақалпа
қстан Республикасы гимнастика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде бул спорт мектеби жақсы нәтийжелерин бермекте.
Нөкис қалалық 29-санлы мектепте де гимнастикаға қызығыўшы оқыўшы жаслар қатары көбеймекте. Бул мектепте отыздан аслам қызлар турақлы түрде шуғылланып келмекте. Оларға жас тренер Ақерке Тоғайбаева көркем гимнастиканың әлўан түрли сырларын үйретип атыр. Усы жылдың өзинде Өзбекстан көлеминде еки мәрте жеңимпазлықты қолға киргизди.
-Өзим Өзбекстан денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының 2-курсының сыртқы бөлиминде оқыйман. Республика гимнастика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби директорымыз Улуғбек Жуманиязов Нөкис қалалық 29-санлы мектепте жумысымызды ашып, алып барыўымызға барлық мүмкиншиликлерди жаратып берди. Усы жылы февраль айынан баслап тренер болып ислеп ат
ырман. 5-10 жас аралығындағы қызлар гимнастика менен шуғылланып атыр. Гимнастиканың денсаўлыққа пайдасы оғада көп екенлигин ҳәзир көпшилик жақсы түсинип жетпекте. Дәслебинде шынығыўларды баслаған ўақытлары бала қыйналады, аўырсынады. Лекин, тез арада шынығыўларға үйренип, көнликпе пайда болады. Бул тәбийий ҳал екенлигин түсиндиремиз. Жумысларымызды жемисли баслап атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Усы жылы Наўайы ўәлаятында өткерилген жарыста бес қызымыз екинши ҳәм үшинши орынларды алып қайтты.
Жақында Самарқанд қаласында ҳәким кубоги жарысында он қыз бенен қатнастық. Бәри жеңимпаз болып, сыйлықланып қайттық. Өзим тренерлер арасында «Ең жақсы тренер» номинациясы жеңимпазы болыўға миясар бо
лдым. Елимизде спорт тараўына қаратылып атырған итибардан жүдә миннетдармыз. Жас әўладтың физикалық жақтан шыныққан, жетик, кәмил инсан болып қәлиплесиўине өз үлесимизди қосып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Ең үлгили гимнастикашы қызларымыздан Миясар Қоңыратбаева, Зарина Қонысбаева ҳәм Албина Көшкинбаеваларды атап өтиўимиз орынлы – дейди жас тренер Ақерке Тоғайбаева.
Азғана ўақыттың ишинде көплеген оқыўшы қызларды спорттың көркем гимнастика түри менен шуғылланыўына қызықтырып, бағдарлап атырған тренердиң алдына қойған мақсетлери оғада көп. Елимизде спорттың усы түринен белгили гимнастикашылардың жетилисип шығыўына өз үлесимди қоссам дейди. Елимиз байрағын көклерде желбиретип, халқымызды дүньяға танытыўдай әрманларына жетисе бериўине тилеклеспиз.
Жумагүл Ембергенова,
Өз хабаршымыз.
