Итибарсызлық ақыбети

Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими Тақыятас районы аймағында өрттиң алдын алыў бойынша район аймағында алып барылып атырған профилактикалык ҳәм үгит-нәсият жумысларына қарамастан ҳәр түрли насаз электр үскене ҳәм тәбийғый газ үскенелеринен пайдаланып өрттиң келип шығыўына себепши болмақта. 2023-жыл 7 ай даўамында район аймағында 14 орында өрт жүз берди. Усылардыӊ көпшилиги өртке итибарсызлық пенен қараўы ҳәм жас өспирим балаларды үйлерде жалғыз қалдырып, балалардыӊ шырпы менен ойнаўы, электр ток үскенелериниң қысқа тутасыўы ақыбетинде өрт пайда болып бул өрт нәтийжесинде бир қанша материаллық зыянлар болмақта.
Тақыятас районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери газ, электр карханасыныӊ хызметкерлери менен биргеликте жеке меншик ҳәм қөп қабатлы турақ жайлардыӊ өртке қарсы жағдайын көзден өткериў бойынша рейдлер шөлкемлестирилип атыр. Тилекке қарсы, айырым пуқаралар өрттиӊ алдын алыў қәделерин орынламай, итибарсызлыққа берилип, өрттиӊ келип шығыўына жол қоймақта.
Өрт қаўипсизлигин тәмийинлеў бойынша «Әҳмийетли 30 күн» илажына белсене қатнасып, ҳәр қандай қәўетерге салатуғын ўақыялар, Айрықша жағдайлар жүз бергенде төмендеги көрсетилген телефон нөмерлерине хабар бериўиңизди сораған болар едик.
Қалалык үй телефонлары ушын 1050 (101)

Б.Бердимуратов,
Тақыятас районы, АЖБ инспекторы аға лейтенант.