МУАЙ-ТАЙШЫЛАРЫМЫЗ ТАБЫСЫ

Елимизде спорттың ғалабалығына ерисиў ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўге үлкен итибар қаратылған. Жаратылып атырған кең имканиятлар әлбетте өз нәтийжелерин көрсетпекте. Спорттың барлық түрлеринен кең ареналарда жеңимпазларымыздың шығыўы ҳәм елимиз байрағының жоқары көтерилиўи не деген мақтаныш.
Төрткүл районы спорт мектеби спортшылары да табысларын табысларға уластырмақта. Жақында Қырғызстан Республикасы Бишкек қаласында спорттың каратэ-до ВКФ түри бойынша өткерилген VII САКЕ каратэ чемпионатында сыйлы орынлар қолға киргизилди. Усы жарыста Ш.Дәўлетов, А.Сабуров, Ш.Қаландаров, Т.Исраилов ҳәм С.Дәўлетияровалар бронза медальларын жеңип алды.

Спортшы оқыўшыларымыз Әндижан ўәлаятында спорттың Муай-тай түри бойынша жаслар ҳәм жас өспиримлер ортасында өткерилген Өзбекстан кубогы жарысында да өз орынларын белгилей алды. Жарыста Төрткүл районы спорт мектеби оқыўшысы 42 кг салмақта Гүлсәнем Рейимбаева 1-орын, 71 кг салмақта Акбарали Асенбаев 3-орын жеңимпазы болды.
Спортшыларымыздың дүнья жүзилик ареналарға, ири-ири турнир ҳәм жарысларға шығып, жеңимпазлар қатарында болыўы ушын инта-ықласы зор. Алдағы ўақытта да спорт арқалы елимизди жәҳәнге танытыўға өзлеримиздиң ылайықлы үлесимизди қосыўды баслы парызымыз деп билемиз.
Жасурбек РАИМОВ,
Төрткүл районы, спорт мектеби тренери.