Усы жыл 1-август күни елимиз бойлап жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлерден мәмлекетлик тест сынақларын алыў басланды.
Республикамыздан быйыл 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына 51 мыңнан аслам абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Тест сынақлары Нөкис қаласындағы 6 объектте, Олимпия резервлери колледжинде (еки орында), теннис кортында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде (еки орында), Муҳамме
д ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық-технологиялар университетиниң Нөкис филиалында болып өтпекте.
Тест сынақлары еки мезгилде, яғный азанғы саат 08:00де ҳәм түстен кейинги 15:00 де басланады. Абитуриентлерге тест алынатуғын ўақыт ҳәм орын мәлим етилген болып, олар бул жерге тест сынақлары басланбастан 1-1,5 саат бурын келип, дизимнен өтиўи керек. Келген ўақтында олардың қолында тек ғана паспорты (ID картасы) ҳәм рухсатнама қағазы болыўы керек. Кешигип келген, шпрагалка, телефон ямаса басқа да қадаған етилген қуралларды алып кирген абитуриентлер имтиханға киргизилмейди.
Тест сынақлары белгиленген қағыйдаларға муўапық әдил ҳәм ашық- айдын өтиўи ушын барлық шараятлар жаратылған.
– Мен Елликқала районындағы «Шуқырқақ» АПЖдан келип отырман. Қызым Гүлнур қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарына оқыўға кириў ушын тест сынақларын тапсырып атыр. Туўысқанымыз Жансейиттиң быйыл мектепти питкерген баласы Тоқтабай баслаўыш тәлим бағдарына оқыўға тапсырды. Аўылымыз район орайынан 250 километр узақлықта жайласқан. Биргеликте түнги саат 02:00 де үйден шығып, ерте таңда Нөкиске жетип келдик, – дейди Орынбай Жүзбаев. – Тест алынатуғын орынларда абитуриентлер ҳәм оның жақынлары ушын барлық қолайлықлар жаратылған екен. Монитордан балалардың тест тапсырып атырғанын тиккелей эфирден бақлап отырмыз.
Жақсы нийет пенен балаларымыздың оқыўға кирип кетиўин, маман қәнигелер болып, аўылымызға, елимизге пайдалы инсанлар болып жетилисиўин тилеп отырмыз.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
