БАЖЫХАНА ХЫЗМЕТИ – ХАЛЫҚ ИЙГИЛИГИ

Бүгин мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде халық мәпи ҳәм оның ҳуқықлары, инсан қәдири жатады. Бажыхана органлары тәрепинен де халық ийгилиги жолында, халқымыздың пәраўан турмысын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар ис-илажлар әмелге асырылмақта.
Бажыхана органлары хызметкерлери ѳз хызмет ўазыйпаларын шын кеўилден әмелге асырыў менен бир қатарда жәмийетимизде халық мәпи ҳәм пәраўанлығы жолында әмелге асырылып атырған жумысларда да белсенди қатнасып келмекте.

Жақында Бажыхана органлары тәрепинен халық ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған ислер бойынша баспасѳз конференциясы болды. Баспасѳз конференциясының мақсети-Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы искерлиги тийкарғы кѳрсеткишлер ҳәм әмелге асырылып атырған ислерди кеңнен таныстырыўдан ибарат болды. Конференцияны Басқарма баслығы, бажыхана хызмети полковниги И.Казаков кирис сѳз бенен ашты. Соң Басқарма баслығының биринши орынбасары, бажыхана хызмети полковниги Н.Бердиев Бажыхана басқармасы тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы ҳуқық бузарлық жағдайлары, Басқарма хызметкерлери тәрепинен нәшебентлик буйымлары, психотроп дәрилер, қурал-жарақ ҳәм оқ-дәрилердиң нызамсыз айланбасына қарсы гүресиў бағдарындағы әмелге асырылған жумыслар атап ѳтилди.
Сондай-ақ, арнаўлы категориядағы жаслар менен бирге ислесиў, «Мүриўбет» үйлери тәрбияланыўшыларының жасаў жағдайларын және де жақсылаўға кѳмеклесиў ҳәм алтернатив энергияларын пайдаланыў бойынша мониторинг жумыслары менен жақыннан таныстырылды.
Қатнасыўшылар тараў ўәкиллеринен ѳзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Баспасѳз конференциясы жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы болды.

Ж.Ембергенова,
Ѳз хабаршымыз.