«Саз бенен сәўбетти ялған
демеңлер,
Адам-Ата биняд болғалы
бардур».
Ҳәр бир елдиң, халықтың миллий кѳркем ѳнерин дүньяға танытатуғын ең алдыңғылары болады. Сондай, бизиң қарақалпақ миллий аяқ ойын ѳнеримизди 65 жылдан берли дүньяға танытып, оны ҳәр тәреплеме раўажландырып киятырған жәмәәт – «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли.
Елимиздиң кѳркем-ѳнери менен мәдениятының абырайын кѳклерге кѳтерип, дүнья жүзине танытып атырған бул ансамбльдиң соңғы жыллардағы табыслары менен жетискенликлери халқымызды қуўандырмақта.
Биз усындай табыслар менен қуўанышларға ерисип атырған ансамбль жәмәәтиниң шаққан ойыншысы Ислам Қайыповтың кѳркем-ѳнерге араласыўы, қызығыўшылықлары менен сәўбетлескен едик.
– 1991-жылы Нѳкис районында туўылып, 1-санлы мектепти питкергеннен соң, пайтахтымыздағы Нѳкис мәденият ҳәм кѳркем ѳнер колледжиниң хореография бѳлиминде билим алдым.
Ол жерде кѳркем ѳнеримиздиң пидайылары, ѳз кәсибиниң жанкүйерлери, Ѳзбекстан Республикасына хызмет кѳрсеткен артист Ю.Абипов, Ѳзбекстан халық артисти Х.Шарипов ҳәм Е.Халмуратовлардан хореография сырларын үйренип бардым.
«Устазы жақсының устамы жақсы» дегендей устазларымнан 2005–2010-жыллар аралығында аяқ-ойын ѳнерин меңгерип жүрип, усы ансамбльге ойыншы болып жумысқа араластым, – дейди «Айқулаш» ойыншысы Ислам Қайыпов.
Әлбетте, ол ѳз таланты ҳәм излениўшеңлиги менен дѳретиўшилик мийнет жолын байытып барып, қарақалпақ ѳзбек, қазақ, түрк, рус, украин халықларының аяқ-ойын ѳнериниң миллий үрп-әдетлерин ѳз шеберлиги менен халыққа кѳрсетип келмекте. Сондай-ақ, дәстүрий түрде Ташкент қаласында ѳткерилетуғын Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамларында, Мәденият күнлерине қатнасып, тамашагѳйлер нәзерине түсип келмекте.
И.Қайыпов «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблинде балетмейстр устазлары Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти П.Мадреймов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет кѳрсеткен жаслар устазы У.Матчановлар менен жақыннан ислесип келмекте. «Айдар той», «Шоқ жигитлер», «Аўылда той», «Айқулаш», «Шабандозлар», «Қыз жигитлер сейили», «Кийиз басыў», «Бир кесе шай», «Қарақалпақ перзентимен» сыяқлы қарақалпақ миллий аяқ-ойынларын шеберлик пенен атқарып, кѳркем ѳнер ышқыпазларының кеўлинен орын алып, руўхый ләззет бағышлап киятыр.
Оның усындай хызметлери ѳз баҳаланыўын таўып, 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳүрмет жарлығы, усы жылы «Ўатан пидайысы» кѳкирек белгиси менен сыйлықланды.
– Негизинде ҳәр бир халықты биринши гезекте спорт ҳәм мәденият тараўы танытады. Буны толық ѳзим тән алдым. Кѳркем ѳнеримиз дүнья сахналарында жаңлап киятыр. Атап айтсақ 2021-жыл Башқуртстан Республикасында ҳәр тѳрт жылда бир мәрте ѳтетуғын VI-CIOFF жәҳән фольклориада да, Түркияда
болып ѳткен мәденият ҳәптелигинде, сондай-ақ Ҳиндстанның Райнура қаласында ѳткерилген халықаралық аяқ ойын фестивалы, 2023-жыл Азербайжан Республикасында ѳткерилген «Шуша – Түркий дүнья мәденияты пайтахты» атамасындағы «Хары бюльбюль» халықаралық фольклор фестивалы, жақында ғана 7–12-июль күнлери Түркия Республикасы Бурса қаласында ѳткерилген 35 Халықаралық «Алтын Қаракѳз» атлы миллий аяқ ойынларының сайланды үлгилерин дүнья халықларына таныстырыўға миясар болдық ҳәм қарақалпақ миллий кѳркем ѳнерине дүнья тән қалмақта, – дейди И.Қайыпов.
Әлбетте, миллий мәденият пенен кѳркем ѳнерди қәдирлеген журттың келешек раўажланыўы уллы болады. Кѳркем ѳнер ғайраткерлеримиздиң дѳретиўшилик сахналық шығармалары жәҳән сахналарында жаңлап дүнья тән алып атырғаны ғәрезсизлик жемислери екенинде тән алыўымыз керек деген қаҳарманымыздың пикирин қоллап-қуўатлаймыз ҳәм табыслар тилеймиз.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
Àрнаўлы хабаршымыз.
