Мектеплерде оқыў жылы 4-сентябрьден басланады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2023-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен 2-сентябрь ҳәмме ушын дем алыс күнлери есапланады.
Усы мүнәсибет пенен республикамыздағы барлық мектеплерде жаңа – 2023-2024-оқыў жылының сабақ процесслери 2023-жыл 4-сентябрьден (дүйшемби күни) басланатуғынын мәлим етемиз, делинеди министрликтиң хабарында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.