Жаслар сиясаты бойынша елимизде әмелге асырылып атырған реформаларда бажыхана уйымлары да белсене қатнасып, өзлерине бириктирилген жаслардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетинен келип шығып олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем бериў бойынша системалы ж
умысларды әмелге асырмақта.
Хожели районындағы «Жайҳун» МПЖ да жасаўшы Айбек Қутлымуратов та мийнет миграциясынан қайтқан жаслар қатарында болып, оның аяққа турып кетиўине ҳәм бәнтлиги тәмийинлеўине көмеклесиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығына бириктирилген.
Бажыханашылар тәрепинен өткерилген ашық сәўбетлесиў даўамында А.Қутлымуратов қолынан темир усташылығы келетуғыны ҳәм автомобильлердиң киши оңлаў жумысларын ислей алатуғынлығын мәлим етип, бирақ бул ушын зәрүр болған әсбап-үскенелери жоқ екенлигин айтып мүрәжат еткен еди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топарының бас инспекторы Ю.Қудиярова.
Бүгин бул жасқа да темир усташылығын әмелге асырыўда зәрүр болған кепсерлеўши үскене жуўапкер бажыханашылар тәрепинен тапсырылды ҳәм Айбек Қутлымуратов салық шөлкемлери тәрепинен өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында дизимнен өтти.
Усындай арнаўлы категориядағы жасларға берилип атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўлар өз нәтийжесин берип, жаратылған шараятлардан бул нәўқыран жигит те өнимли пайдаланады, деп ойлаймыз.
Енди бул жастан тек ғана өз мақсетлерине қарай алға умтылыў ҳәм тынымсыз ҳәрекет талап етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
