Ғәрезсизлик – инсанға таңлаў, өз умтылысларын ҳәм әрманларын әмелге асырыў ҳәм өз өмирин қәлиплестириў еркинлигин береди. Ғәрезсизлик бизге шын мәнисинде өзлигимизди қайтарып берди, десек алжаспаған боламыз. Себеби, бул күнлерди ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен, оған умтылған, ол ушын гүрес жүргизген.
Инсанларға еркинлик бериў менен бирге, айрықша қәбилетин көрсете алыў, потенциалын жетилистириў, жәмийетке үлес қосыў имканиятын беретуғын ғәрезсизлик ҳаққында айтылатуғын гәплеримиз көп. Сонлықтан, оның әҳмийетин үйренип, шахс камалы, жәмийет раўажланыўы
ҳәм ҳәр бир пуқараның ҳуқықларын қорғаўға тәсирин билиў биз жаслардың әдиўли ўазыйпамыз есапланады.
Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң, бул бийбаҳа байлық ҳәр бир адамға көплеген имканиятлар берди. Уллы мақсетлерге умтылыў – тек ғана жеке мәплерге хизмет етип қоймастан, бәлки жәмийеттеги улыўма раўажланыў ҳәм инновацияларға да үлес қосады.
Сол себепли, ғәрезсизлик жәмийет раўажланыўында зәрүрли орын тутады. Шахслар өз пикирлерин еркин аңлатыўы, конструктив тартысларға кирисиўи, бул пикир алмасыўға ҳәм пүткил жәмийет раўажланыўына жол ашады.
Ғәрезсизликке ерискен дәслепки жыллардан баслап, биз жасларға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Әсиресе, соңғы жыллары жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бул бағдарда бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, ҳуқықый тийкарлар жаратып берилмекте. Ҳүрметли Президентимиз жаслар менен ушырасыўында «Жаслар-Өзбексттанның ең үлкен байлығы» деп айрықша атап өткени биз – жасларға деген итибардың және бир көриниси болды десек алжаспаған боламыз.
Президентимиздиң қарақалпақстанлы жасларға болған итибарын айрықша атап өтиў орынлы. Себеби, быйылғы жылдың өзинде Президенттиң тийисли Пәрманына киргизилген қосымшаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын жаслар ушын 2023–2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 000 орын ажыратылды. 2022-жыл 31-августтағы 7 000 квота ажыратылған еди. Бул дегени быйылғы жылдан баслап қарақалпақстанлы қосымша 10 000 жаслар студент болыў бахтына ериседи.
Мине, жақын дәўирден баслап «30-июнь – Жаслар күни» сыпатында белгиленип келинбекте. Бул байрам шын мәнисинде жаслардың ең сүйип күтетуғын байрамына айланған.
Буннан басқа жаслар ушын жаратып берилип атырған имканиятлар, олардың талант ҳәм уқыбын жүзеге шығарыў ушын әмелге асырылып атырған жумысларды еле де даўам еттирсек болады. Әлбетте, ең баслысы, булардың барлығы тийкарғы байлығымыз, яғный, ғәрезсизлигимиздиң жемиси екенлигин айрықша атап өтиўимиз тийис.
Фаузия Матмуратова,
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети 2-курс студенти.
