Мектеплер, жоқары оқыў орынларында 4-сентябрьден оқыў басланады.
Бүгинги күни республикамызда 721 улыўма билим бериў мектеплери бар. Мектеплерде 37297 муғаллим ислейди. Муғаллимлердиң 74 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олардың 93,6 проценти жоқары мағлыўматлы.
Бүгинги күни шет тиллерин оқытыўға үлкен итибар қаратылған. Яғный, 3113 шет тили пәни муғаллимлериниң 56 проценти халықаралық ҳәм оған теңлестирилген миллий сертификатқа ийе.
Республикамыздағы 2022–2023-жылында улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 9-классты тамамлаған 32668 оқыўшыдан 1674 питкериўшиге айрықша дәрежели шаходатнама, 52 питкериўшиге сертификат, 11-классты тамамлаған 20645 оқыўшыдан 182 питкериўшиге гүмис, 671 питкериўшиге алтын медаллар менен бирге аттестатлар тапсырылды.
Оңлаў жумыслары исленген тап-таза, сулыў мектеплер сизлерди күтпекте, әзиз оқыўшылар. Сизлерден талап етилетуғыны-жақсы, сапалы билим алып, елиңиз ушын белгили инсанлар болып жетисиўиңиз.
