“Пахта – 2023” мәўсимине таярлық көриў ҳәм өткериў даўамында айрықша жағдайлардыӊ алдын алыў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис районы АЖБ хызметкерлери тәрепинен жәмийетлик өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша Нөкис районы Шортанбай елаты аймағында жайласқан «Халқабад пахта тазалаў» АЖне қараслы «Шөртанбай» пахта қабыллаў шақапшасының пахта жыйын-терими мапазына таярлық жумыслары ҳәм ҳәзирги күндеги өртке қарсы жағдайы көзден өткерилди.
Киши механизмлериниң техникалық сазлығы, шақапшаға техникалардың кириўи ушын ушқын қайтарғышлар менен тәмийинлениўи, трактор тиркемелери, техникалардың ушқын қайтарғышлары ҳәм шалшалар менен тәмийинлениўи, пахта өнимлерин тасыў ўактында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел қылыўлары бойынша түсиник жумыслары алып барылмақта.
Фермер хожалықлары дийқанларының жазы менен жетистирген пахта өнимлерин жыйын-терими ҳәм ел қырманына тапсырыў ўактында Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәр биримиздиң пуқаралык миннетимиз екен жыйын-терими мапазында өрт қәўпиниң алдын алыў мақсетинде төмендеги өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына итибар берейик.
– пахта атызларына ҳәм терилген пахтаға жақын аралықта, пахта қырманы әтирапында от жағыў, темеки шегиў қадаған етилиўди,
– терилген пахтаны қырманға тасыў ўақытта тасыўшы техникалардың ушқын қайтарыўшы үскенелер менен тәмийнлениўди ҳәм пахта салынған тиркемелерди шалша менен жабыўды,
– пахта тасыўшы тиркемелерге адам миниўин қадаған етиўди,
– пахта жыйын теримине жәрдемге келген теримшилердиң ўақтынша жасаў жайларында жылытыў үскенелери қурылмалары (печь, котель ҳ.т.б) талапқа толық жуўап бериўин, өртке қарсы гүресиў жәмийети хызметине тексертиў талаплары қойылмақта.
Елимиздиң ақ алтын байлығы қырманының толыўына ҳәммемиз биргеликте ат салысып, ҳәр қыйлы қәўиптен сақлайық.
А.Бекмуратов,
Нөкис районы АЖБ баслығы, подполковник.
