«ӨРТТЕН СЕРГЕКЛИК»

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-сентябрь күнги 332-санлы қарарына тийкарланып, «ӨРТТЕН СЕРГЕКЛИК» улыўма миллий компаниясы басланды. Бул илажлар 6 жөнелисте алып барылады.
1. Билимлендириў шөлкемлеринде өртлердиң алдын алыў ҳәм өрт жүз берген жағдайда ҳәрекетлениў бойынша толық методикалық шынығыўлар өткериледи.
2. Мәмлекетлик шөлкемлери, исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа шөлкемлердиң жумыс орынларында өрт қәўипсизлиги бойынша оқыў шөлкемлес­тириледи.
3. Өрт қәўипсизлиги темасында семинарлар, лекциялар, шеберлик сабақлары, таңлаўлар ҳәм президентациялар өткериледи, пуқаралар тарқатпа материаллар менен тәмийинленеди.
4. Интернет жәҳән хабар тармағы ҳәм социаллық тармақларда өртлердиң алдын алыў ҳәм өрт жүз берген жағдайда ҳәрекет етиў бойынша толық қолланбалар тарқатылады, сондай-ақ, тема бойынша арнаўлы рубрикалар шөлкемлестириледи.
5. Ғ­алаба хабар қуралларында өртлердиң алдын алыў ҳәм өрт жүз берген жағдайда ҳәрекет етиў темасында мақалалар, интервьюлер ҳәм де арнаўлы көрсетиўлер жолға қойылады.
6. Жәмийетлик орынларда, билимлендириў шөлкемлеринде ҳәм турақ жай комплекслеринде өрт өшириў бойынша әмелий шынығыўлар өткериледи.
Ҳүрметли ўатанласлар, өткерилип атырған илаж бағдарламасына белсене қатнассақ өзимиз ҳәм жақын инсанларымыздың ден саўлығын ҳәм де өмир бойы жыйнаған мал-мүлклеримизди өрт бәлесинен сақлаған болар едик.

Д.МАШАРИПОВ,
Нөкис районы, АЖБ инспекторы лейтенант.