Көркeм шығарма тили xалқымыздың даналығын, oның тарийxый раўажланыў дәўирлeрин өзиндe сәўлeлeндириўши бийбаҳа мийрас eсапланады. Oнда турмыстың ҳәр қыйлы тараўларына байланыслы қoлланылған сөзлeрди ҳәзирги қарақалпақ әдeбий тили, oның диалeктлeри, түркий тиллeс xалықлардың аўызeки мийраслары мeнeн салыстырып үйрeниў, қарақалпақ тили тарийxы, oның түркий тиллeри арасында тутқан oрнын бeлгилeўдe үлкeн әҳмийeткe ийe. Мине, усы мәселелер белгили қарақалпақ тилши-илимпазы филология илимлериниң докторы Г.Қарлыбаеваның “Әжинияз шығармалары тилиниң семантика-стилистикалық өзгешеликлери” (Нөкис, Қарақалпақстан 2017) атлы монографиясында арнаўлы түрде изертленди.
Бул мийнет илимпаздың көп жыллар даўамындағы илимий изертлеўиниң нәтийжеси. Онда қарақалпақ классикалық әдебиятының көрнекли ўәкили Әжинияз шығармалары тилиниң изертлениўи, сөзлик қурамы ҳәм оның семантикалық өзгешеликлери, тилдиң функциональ-стилистикалық имканиятларынан пайдаланыў дәрежеси кеңнен үйренилген.
Монографияның қурылысы теманы ҳәр тәреплеме үйрениў ушын қолайлы дүзилген. Ол кирисиў, үлкен төрт бап, жуўмақ ҳәм пайдаланылған әдебиятлар дизиминен ибарат.
Китаптың биринши бабы “Әжинияз ҳәм қарақалпақ жазба әдебий тили” деп аталады. Бунда түркий тиллеринде көркем шығарма тилиниң изертлениўи, Әжинияз шығармалары тилиниң изертлениў жағдайлары, қарақалпақ жазба әдебий тилиниң қәлиплесиўинде Әжинияз шайырдың орны ҳаққында сөз етиледи.
Автор шайыр дөретпелериниң ҳәр тәреплеме изертленгенлигин атап өтеди. Қарақалпақ әдебиятшы илимпазлары Н.Дәўқараев, Қ.Айымбетов, А.Муртазаев, А.Пирназаров, К.Мамбетов, Қ.Султанов, Қ.Жәримбетов, К.Алламбергенов ҳәм т.б. илимпазлардың мийнетлерине анализ ислейди.
Соның менен бирге шайырдың шығармалары сиясий-жәмийетлик, философиялық, педагогикалық көзқараслардың да изертлеў объектине айланғанлығы, бул бағдарда изертлеўлер алып барған Ө.Әлеўов, Ж.Қайырбаев, З.Сейтова, С.Камалов, М.Тлеўмуратов, Ж.Базарбаевлардың мийнетлерине айрыкша тоқтайды.
Қарақалпақ тилиниң тарийхын, Әжинияз шығармаларының тилин изертлеўге үлкен үлес қосқан Ҳ.Ҳамидов, Д.Сайтов, Д.С.Насыров, Ж.Шәмшетов, Ш.Абдиназимов мийнетлерине кеңнен шолыў жасайды. Халық аўызеки дөретпелерин әдебий тилдиң қәлиплесиўиниң дәслепки көринислери сыпатында жүдә дурыс баҳалады. Әжинияз қарақалпақ әдебиятына түркий тиллес халықлар ушын ортақ болған жазба әдебий тил дәстүрлерин алып кирди ҳәм қарақалпақ классикалық поэзиясын жанр ҳәм форма жағынан байытты.
Шайыр жергиликли ана тилин жақсы билиўи менен бирге Шығыс мәдениятын, тиллерин ҳәм Орта Азиялық жазба әдебий түркий тилин жақсы билген ҳәм оны өз ана тили қарақалпақ тили менен байланыстыра алған деп орынлы баҳа береди.
Екинши бап “Әжинияз шығармалары тилиниң сөзлик қурамы” деп аталып, бул бапты еки бөлимге бөледи. Биринши бөлимде шайыр шығармаларында ушырасатуғын түркий тиллерге ортақ атамаларға таллаў жасалып, оларды семантикалық уқсаслығына қарай топарларға бөлип изертлеген. Мәселен, туўысқанлық қарым-қатнасты билдириўши сөзлерге әке, ини, бала, ул, тоқал, қайната, қарындас ҳәм т.б.
Сиясий-жәмийетлик сөзлерге хан, кәтқуда, бег, бий, беглер беги ҳәм т.б. шарўашылық, қуслар ҳәм ҳайўанатлар дүньясына байланыслы сөзлерге ат, тулпар, доңыз, буўра, өгиз, бийе, қулын, таўшан ҳәм т.б. киргизеди.
Әжинияз шайыр шығармаларында қолланылған көплеген атамалар гөнерген сөзлер қатарынан орын алды. Шайырдың дөретиўшилик шеберлигине байланыслы айырым атамалар аўыспалы мәнилерди аңлатып келген.
Ҳайтта мерекеде қызлардың ханы,
Дүньяда бир өзиң болдың Бийбигүл
“Хан” сөзи мәмлекет басшысын аңлатады. Бул қатарларда аўыспалы мәниде яғный “қызлардың ишиндеги ең сулыўы, ең ағласы, ең жақсысы” деген мәнилерде қолланылған. Автор усылайынша ҳәр бир атаманың шайыр тәрепинен жеке стиллик мақсетлерде қолланылыў өзгешеликлерин ашып бериў менен бирге, айырым сөзлердиң этимологиясына, ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги мәнилерине тоқтаған.
Сондай-ақ, Әжинияз дөретиўшилигинде ушырасатуғын ҳәр түрли тарийхый, мәдений-сиясий, географиялық себеплерге байланыслы сырттан кирген атамаларды анықлаў, олардың сеслик, этимологиялық ҳәм мәнилик өзгешеликлерин белгилеў, лексикалық бирликлердиң өз-ара қатнасы тилдиң раўажланыў процесине байланыслы нызамлы қубылыс екенлигин дәлиллеў мийнеттиң илимийлигин, исенимлигин және де беккемлеген.
Дәрбедар болып гезибан, бул алашта нешше ай,
Тапмадым ҳеш бир хабар, кимнен
сорасан назнай.
“Назнай” сөзи рус тилиндеги “незнаю” сөзи.
Пазылбек ишсе бер набат,
Ишкизгил қантыў-қандалат.
“Қандалат” сөзи рус тилиндеги “Кондитерские изделия” “Кондитер өнимлери” деген сөзден алынған.
Усылай етип атамаларға тарийхый-этимологиялық түсиник берген, олардың тилдеги пайда болыў ҳәм қәлиплесиўиндеги фонетикалық, семантикалық усыллар көрсетилген ҳәм оларға ҳәр тәреплеме илимий жуўмақ жасалған.
Г.Қарлыбаева өз мийнетиниң келеси бабында Әжинияз шығармалары тилиниң семантикалық өзгешеликлери, синоним, антоним, омоним, гөнерген сөзлер, фразеологизмлердиң қолланылыўына тоқтаған. Оның эмоциональ-экспрессивлик хызметлерин мысаллар менен көрсетеди. Автордың пикиринше, шайыр халық тилиниң фразеологиялық байлығының ең кереклилерин дурыс таңлай отырып, мүмкиншилигине қарай оларды түрлендиреди, жаңартып қолланады. Гейде орынлы жеринде фразеологиялық сөз дизбеклериниң сыңарларының арасына сөз қосып, оның стиллик хызметин және де күшейтеди, экспрессивлик бояўын және де өткирлестиреди. Мысалы:
Саў болсаң басыңа ҳәр бир ис түсер,
Бийопа яр пәний дүнья яңлыды
Ол ҳәм мениң киби йуз мың әрманлы
Көздиң қанлы яшын төкти дә кетти.
Бул келтирилген қосық қатарларында қолланылған фразеологизмлердиң сыңарлары арасына сөз қосып жумсалған.
Сондай-ақ, шайыр шығармаларында контекстлик синонимлер, антонимлер жийи қолланылған. Мысалы:
Патша болсаң әдилден қой қазыны,
Пуқараның қыс әйлеме языны.
Мине, шайыр дөретпелериниң усындай стиллик өзгешеликлери автор тәрепинен ашып берилген.
Китаптың соңғы бабында Әжинияз шығармалары тилиниң функциональ-стилистикалық өзгешеликлери сөз етиледи. Шайырдың шығармалары тилинде жумсалған сөзлер өзлериниң қолланылыўы бойынша өзгешеликке ийе. Айырым сөзлер қарақалпақ халқының жәмийетлик турмысының барлық тараўлары ушын улыўмалыққа ийе, жәмийеттеги барлық социаллық қатлам ўәкиллери ушын ортақ болып, аймақлық ҳәм кәсиплик жақтан шекленбей қолланады. Гейпара сөзлер белгили бир кәсип пенен шуғылланыўшы адамлар ушын түсиникли ямаса жәмийеттеги белгили бир қатлам ўәкиллери тилинде яки белгили бир аймақта жасаўшы адамлар тилинде жумсалады. Шайыр шығармаларында функционаллық-шекленген лексика, стилистикалық өзгешеликлери, троплардың қолланылыўы, стилистикалық фигуралардың қолланылыўына тоқтайды. Шайыр өз шығармаларындағы сөзлерге логикалық ҳәм интонациялық жақтан дыққат аўдарылыўын тәмийинлеўде байланыстырыўшы дәнекерлерди бир неше мәртебе қайталап қолланады.
Жер ҳәм ел билендур, ел ҳәм жер билен,
Жерсиз елдиң қәдири дәрбе-дәр билен,
Ҳәм ағасы, ҳәм иниси қашында
Улыўма айтқанда, Г.Қарлыбаеваның бул монографиясы Әжинияз шайыр шығармаларын системалы түрде изертлеген мийнет. Теориялық мағлыўматларды мысаллар менен дәлиллеўи автордың ислеген жуўмақларын исенимли етип көрсетеди. Китап өзиниң темасы, материалды анализлеў усылы, терең мазмунлығы менен қарақалпақ тил билиминдеги қунлы мийнетлерден есапланады.
Гүлназ ДОСЖАНОВА,
ҚМУ, Филология илимлериниң кандидаты, доцент.
