МАҚСЕТ БАХЫТҚА ЖЕТКЕРЕДИ

-Қызым, кәсиптиң ҳеш жаманы жоқ, шыпакер болсаң жүдә жақсы. Усы ўақытқа шекем, қызым қайсы кәсипти таңлайсаң, я қәлейсең деп сорамадым.
Бул сѳзиң қайдан пайда болды деп саўал берди.
-Бүгин мектепте, класс басшымыз, быйыл питкересиз, оқыўшылар қайсы кәсипти таңлайсыз деген саўал берген еди. Класымызда еки қыз шыпакер боламан деп сѳз берди, биреўи мен, апа — деди Мақсуда.
— Кеўлиңде гирбиңдей кир жоқ, жүзиң гүлдей ашық қызымсаң, илайым жолың болғай. Қыдыр атаң жолдасың болғай ондай болса, қызым, ҳақ жол тилеймен.
Анасы, Мақсуданың районлық «Санэпид станция» жәмийетинде кѳп жыллар даўамында лаборант болып хызмет атқарды. Мүмкин анасының ақ ҳалат кийип хызмет етип жүргени оның мақсетине жолдас болған шығар. Сонлықтан ол шыпакер болыўды ойласа керек. Ҳақыйқатын айтқанда, қандай да кәсиптиң ѳзине тән қыйыншылығы болары анық. Соның ишинде жуўапкерли кәсип — шыпакерлик болып есапланады. Усы кәсипти таңлаған жигит-қызларымыз медицина тараўына болған қызығыўшылығы ҳәм ѳз ислерине деген садық, сүйиспеншилиги менен алдына келген ҳәр бир наўқас­тың кеўил-дийдинен шығыў ушын бас аўыртып, жан сызлатып, атырғанының гүўасы боламыз.
Бүгин биз сѳз етпекши болып атырған шыпакер қыз Мақсуда Матназарова Қоңырат районы Медицина бирлеспесиниң «Озон терапия» бѳлиминиң шыпакери. Ол ѳзиниң кәсибине болған инта талапшаңлығы ҳәм ѳз басшылары арасында тил алғышлығы, кишипейиллиги кәсиплеслери арасында ҳүрмет-иззет, жумысқа пидайылығы ҳәм ѳз кәсибине болған садықлығы менен тилге алынып кѳзге түседи.
Ол 1995-жылы район орайындағы Пушкин атындағы орта мектепти табыслы тамамлаған. Сол жылы медицина институтының педиатрия бѳлимине оқыўға кирип, 2002-жылы питкерди. Алдына қойған мақсетин иске асырыўда ең дәслеп бир қанша қыйыншылықларға төтепки берип, артта қалдырды. «Жас келсе иске» -дегендей үйренген билимлерин из жүзинде әмелге асырыўда оған тәжирийбели шыпакер Юсуп Артиков билмеген-түсинбегенин үйретип қол-қанат болды. Ѳзиниң бир сѳзлиги, тил алғышлығы, кәсиплеслерине болған меҳир-мүриўбет ҳәм ѳз исине деген сүйиспеншилиги, садықлығы оны алға баслады.
-Ҳәзирги ўақытта, медицина тараўы басқышпа-басқыш раўаж алып бармақта. Атап айтқанда, емлеўхананың терапия бѳлиминде жайласқан «Озон терапия» бул орынға келип, емлениўшилерге жақсы тәсирлерин тийгизеди. Сондай-ақ аязға қарсы ҳәм иммунитетти күшейтиў ҳәм зат алмасыўын жақсылаў менен интоксикацияға қарсы гүреседи, қанның қурамын жақсылайды, (холистерин) муғдарын тромб пайда болыў қәўпин кемейтеди. Адамды тынышландырады, холеститет ҳәм бронхиал астма, бронхит, жүрек қан тамыр, гипертония, кеңнен қолланылады. Жыл басынан усы күнге шекем 5 мыңнан аслам пуқаралар келип жақсы даўаланып шықты. Емлеўханада халқымыздың алғысларына бѳленип ислеп атырған шыпакерлерден, Ф.Қощқарова, Г.Даўлетиярова, Г.Маденова ҳәм Л.Халмуратовалардың исмлерин атап ѳтиўге турарлық деп есаплайман, -дейди биз бенен сәўбетте Мақсуда Матназарова.
Ѳз исиниң маманы болып ислеп атырғанына жигирма жылдан асып баратыр. Өзиниң кәсибине болған талапшаңлығы менен мақсети бахытқа жеткерди десек қәтелеспеймиз.

Жаңаберген
ТАҢАБЕРГЕНОВ.