Быйылғы 2023-жылы «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» болып, Президентимиз тәрепинен белгиленип, халқымыз жыллы жүзлик пенен қабыл алды.
Қанлыкѳл районлық халыққа хызмет ислеў банки жәмийет ағзалары пуқараларымыз болған жаслардың келешегинен үлкен үмит пенен қарап, оларды қоллап-қуўатлаўда ѳз ўақтында ѳтинишлерин орынлаўға ҳәм халық аманат пулларын сақлаўда бир қатар жумысларды әмелге асырмақта.
Халқ банк кредит қаржыларын ѳз гезегинде исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша саўда ҳәм саўда тараўын раўажландырыўда ѳз орнын толтырыў бойынша юридик карханалардың ислерине дыққат-итибар қаратпақта.
Атап айтқанда, Халқ банкимизде жыл басынан ажыратылған жеңиллетилген кредит есабынан жасларға ҳәм исбилерменлерге 331 адамға 4 пайызлы 33 миллион сумлық кредитлер берилди.
Сондай-ақ, үй-жай сатып алыўы ушын ҳәм оңлаў жумысларын ислеў ушын 30 пуқараға 18 пайызлы 4 миллиард 441 миллион сумлық кредитлер ѳз ийелерин тапты.
Халықтың аманат пулларын сақлаўда ҳәм оларға тийисли суммасын қосыўда 181 пуқараға, 6 айға 19 пайызлы, 6 миллиард 708 миллион сумлық тийисли пайызына қосылды.
Аманат пулларын сақлаўда келискен ҳәм де зәрүрли болса, керекли ўақытларына қарай ѳз ўақтында аманат пулларын тәмийинлеўге ҳәм ѳтинишлерин орынлаўға умтылады.
Усындай ис-режелеримизди орынлаўда ҳәм халқымыздың алғысына бѳленип атырған хызметкерлеримизден А.Сапарова, Д.Ешмуратов, И.Калиева, М.Садиковалардың атларын атап ѳтиўге арзыйды.
Даўлетбай
АЛЛАМУРАТОВ,
Халқ банк Қанлыкѳл филиалы
басқарыўшысы.
