Тарийхый орынларға саяхат

«Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети системасында хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды республикамыздағы тарийхый орынлары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде түрли илажлар өткерилип келинбекте.
Бул бағдарда акционерлик жәмийеттиң республикамыздағы филиалы кәсиплик аўқамы ҳәм ҳаял-қызлар комитети де белсендилик көрсетпекте.
Дем алыс ҳәм байрам күнлери мүнәсибети менен кәрханада ислеўши бир топар ҳаял-қызлар ушын республикамыздың дыққатқа ылайықлы орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди. Дәслеп олар Хожели районындағы Миздакхан тарийхый комплексине барып, қызықлы мағлыўматларға ийе болды. Буннан кейин Нөкис қаласындағы “Ашшы көл” бойында қурылған “Қарақалпақ аўылы” туристлик комплексинде мийманда болды. Белгили исбилермен Амина Бекжанова тәрепинен шөлкемлестирилген бул жерде, қарақалпақ халқының турмыс тәризи өз сәўлелениўин тапқан.

Саяхат ҳаял-қызларда айрықша тәсир қалдырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.