Жақында Ѳзбекстан саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийети тәрепинен дәслепки мәрте “Ашық сәўбет” ѳткерилди.
Илажды Басқарманың қала ҳәм районлық бѳлим баслықлары, исбилерменлер, бизнеске қызығыўшы жаслар, туристлик компания ўәкиллери, республикамыз турғынлары сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм блогерлер қатнасты.
Дәслеп, авиакомпания ўәкиллери жыл басынан берли «Uzbekista
n Airways» АЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған кең кѳлемли жумыслар, жолаўшыларға қолайлылық жаратыў мақсетинде алып барылып атырған турақлы акциялар ҳаққында айтып ѳтти.
Илаж даўамында авиа тараўының сыпатын буннан былай да жақсылаў бойынша қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилди. Яғный халық унамлы қәрежетлерде авиабилетлер баҳасын арзанлатыў, Нѳкис қаласынан турақлы рәўиште қоңсы мәмлекетлерге туўрыдан-туўры авиарейслердиң қатнаўын жолға қойыў мәселесинде бир қанша усыныс ҳәм мүрәжәтлер тыңланды.
Шѳлкемлестирилген «Ашық сәўбет» жуўмағында «Uzbekistan Airways» АЖ ўәкиллери билдирилген пикир-усыныслар менен сораўларға жуўаплар берди. Олар орынлы айтылған мүрәжәтлердиң орынланыўы бойынша ўазыйпаларды белгилеп алды.
Ш.СИЙПАТДИНОВ,
Ѳз хабаршымыз.
